Бул шығарманы корейс китапқумарларына жеткериў ушын аўдармашы еки ярым жыл даўамында терең излениўлер алып барды.
Аўдарманы және де анық ҳәм мазмунлы етиў мақсетинде, ол 2025-жыл 21-31-март күнлери Өзбекстанға барып, Ташкент, Марғилан, Қоқанд ҳәм Ферғана қалаларында болып өткен роман ўақыяларының көринислери менен жақыннан танысты.
Сондай-ақ, ол Ташкент мәмлекетлик Шығыстаныў университетиниң профессор-оқытыўшылары менен аўдарма процеси бойынша пикир алысты.
Усы ҳәрекетлердиң нәтийжеси сыпатында, 2025-жыл 30-июнь күни Корея Республикасының Сеул қаласында романның презентациясына бағышланған мәресим болып өтти. Онда мәмлекет парламенти, ҳүкимет, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, ғалаба хабар қураллары және дипломатиялық корпус ҳәм белсенди ўатанласлар қатнасты.