АРБ Өзбекстанда STEM-билимлендириўди раўажландырыўға 100 миллион доллар инвестиция киргизеди

    Билимлендириў 23 қазан 2025 1139

    Азия раўажланыў банки Өзбекстандағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде илим, технология, инженерлик ҳәм математика (STEM) бойынша билимлендириўдиң сапасын арттырыўға қаратылған жойбарды әмелге асырыў ушын 100 миллион АҚШ доллары муғдарында жеңиллетилген кредит алыўды мақуллады.

    "Улыўма орта билимлендириўде илим, технология, инженерлик ҳәм математика" жойбары жасларды мәмлекеттиң турақлы ҳәм инклюзив раўажланыўы ушын зәрүр болған заманагөй инновациялық көнликпелер менен тәмийинлеўге қаратылған. Басламаның әмелге асырылыўы Өзбекстанның 2030-жылға барып дәрамат дәрежеси орташа көрсеткиштен жоқары болған мәмлекетлер қатарына кириў сыяқлы стратегиялық мақсетине ерисиўге хызмет етеди.

    - Бул жойбар Өзбекстанның инсан капиталына инвестиция киргизиў, жаслардың ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў бағдарындағы умтылысын сәўлелендиреди, - деди Азия раўажланыў банкиниң Өзбекстандағы турақлы ўәкилханасының директоры Канокпан Лао-Арая. - "STEM-билимлендириўди беккемлеў арқалы Өзбекстан және де инклюзив, турақлы ҳәм бәсекиге шыдамлы келешек ушын тийкар жаратпақта".

    Жойбар шеңберинде мәмлекетимиз бойынша 200 орта мектепти модернизациялаў, оларды қоңсы билимлендириў мәкемелери ушын "ресурс орайлары"на айландырыў режелестирилген. Заманагөй лабораторияларды үскенелеў, мәлимлеме-коммуникация технологиялары инфраструктурасын раўажландырыў, қуяш энергиясы системаларын енгизиў, айрықша мүтәжлиги болған оқыўшылар ушын инклюзив шараятлар жаратыў сыяқлы мәселелер нәзерде тутылады.

    Сондай-ақ, STEM бағдарындағы 6 пән бойынша оқытыўшыларды кең көлемли оқытыў шөлкемлестириледи ҳәм билимлендириў технологияларынан пайдаланған ҳалда пәнлераралық оқытыў енгизиледи. Қызлардың STEMде қатнасыўын хошаметлеўге айрықша итибар қаратылған - буның ушын мотивациялық кампаниялар ҳәм жеке тәртиптеги кәсипке бағдарлаў бағдарламалары нәзерде тутылған.

    Жойбар 2022-2026-жылларға мөлшерленген Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының мақсетлери ҳәм 2030-жылға шекемги стратегиясының тийкарғы бағдарлары, соның ишинде, санлы трансформация, гендер теңлиги ҳәм турақлы раўажланыўға сәйкес келеди. Ол, сондай-ақ, банктиң инсан капиталын раўажландырыў ҳәм "жасыл" экономикада профессионал билимлендириўди қоллап-қуўатлаўға қаратылған басқа да басламаларын толықтырады.

    2025-жылы АРБ ҳәм Өзбекстан Республикасы арасындағы бирге ислесиўдиң 30 жыллығы белгиленеди. Мәмлекетимиз 1995-жылы банкке қосылғанынан берли АРБ Өзбекстанға улыўма баҳасы 14,6 миллиард АҚШ доллары муғдарында кредит, грант ҳәм техникалық жәрдем көрсеткен.

    1966-жылы шөлкемлестирилген АРБ көп тәреплеме раўажланыў бойынша жетекши институт болып, 69 мәмлекетти бирлестиреди, соннан 50 и Азия-Тыныш океаны регионына тийисли. Банк инновациялық қаржы шешимлерин қолланыў, турмыс сапасын арттырыў ҳәм планетамызды сақлап қалыў жолында шерикликти беккемлеў арқалы турақлы ҳәм инклюзив өсиўге хызмет етеди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates