Тәреплер бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайын додалап, шерикликтиң 30 жыллығын атап өтти, оның шеңберинде энергетика, суў тәмийнаты, транспорт, билимлендириў ҳәм социаллық тараўларда ири жойбарлар әмелге асырылды.
Өзбекстан АТБның Орайлық Азиядағы ең ири шериги екени айрықша атап өтилди: бирге ислесиўдиң улыўма портфели 15 миллиард доллардан аслам, соннан 10 миллиард долларлық 65 жойбар табыслы жуўмақланған, 5 миллиард долларлық 30 жойбар әмелге асырылмақта, 3,1 миллиард долларлық және 21 жойбар иске қосылыўға таярланбақта.
Ушырасыўда 2026-жыл май айында Самарқанд қаласында өткерилетуғын АРБ Басқарыўшылар кеңесиниң 59-жыллық мәжилисине таярлық мәселелери додаланды. Тәреплер форумды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў ушын биргеликтеги жумысларды жеделлестириў ҳәм илажлардың бирден-бир режесин қәлиплестириўге келисип алды.
Сондай-ақ, инфраструктура, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик, бизнести қоллап-қуўатлаў, экспорт, социаллық тараўлар ҳәм капитал базарларын раўажландырыў бойынша жойбарларды өз ишине алған 2030-жылға шекем мөлшерленген жаңа Шериклик бағдарламасының перспективалары додаланды. Бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм Өзбекстанның раўажланыўы ушын АРБ жойбарларының нәтийжесин максимал дәрежеде арттырыўға өз-ара таярлық билдирилди.







