Усы жылы бул тараўда сырт ел тәжирийбеси тийкарында жаңа қатнаслар жолға қойылды. Банклер мәҳәллелер менен байланысып, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге де үлес қоспақта. Атап айтқанда, биринши ярым жыллықта 3 миллионнан аслам халық дәраматлы мийнетке тартылды.
Кәмбағаллықты қысқартыў бойынша жаратылған система ҳәм жумсалып атырған қаржылар өз нәтийжесин берип, усы жылдың 1-июль ҳалатына бола, кәмбағаллық дәрежеси 6,8 процентти қурады.
Халықтың бәнтлигин арттырыўда кәсиплик билимлендириўдиң сапасы жүдә әҳмийетли. Бул бағдарда жумыс бериўшилер менен бирге ислесиўди кеңейтиў, маманлық арттырыўды жаңа дәрежеге көтериў ҳәм жеке меншик сектордың қатнасын тәмийинлеў талап етилмекте. Кәсиплик билимлендириўдиң мийнет базары талапларына сәйкес келмеўи кадрлар таярлаўда белгили бир машқалаларға себеп болмақта.
Мийнет қатнасықларындағы айырым нормалар исбилерменлик субъектлери, әсиресе, киши кәрханалар ушын қыйыншылық туўдырмақта. Жумысқа қабыл етиўде мәлимлеме технологияларының имканиятларынан толық пайдаланылмай атыр.
Сондай-ақ, әмелдеги талаплар жумыс бериўшилерди ҳақыйқый вакансияларды ашық жәриялаўға хошаметлемейди. Ақыбетинде бул мағлыўматларды жасырыўға алып келип, мийнет базарын дурыс таллаў ҳәм кәсиплик билимлендириў бағдарларын анықлаў имканиятын шеклемекте.
Презентацияда усы машқалаларды шешиўге қаратылған жаңа реже ҳәм басламалар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Оған муўапық, мийнет уйымлары жумыс бериўшилерге жаза қолланыўшы емес, ал бирге ислесиўши сыпатында жумыс алып баратуғын, оларға хызмет көрсететуғын структураға айланыўы нәзерде тутылмақта.
Атап айтқанда, жумыс бериўшилер тәрепинен бос жумыс орынлары ҳаққындағы мәжбүрий мағлыўматларды усынбағаны ҳәм жиберилген талабанларды жумысқа алмағаны ушын жаза илажларын бийкарлаў усыныс етилмекте. Бул арқалы бәнтлик уйымлары жумыс бериўшилерден дурыс ҳәм ҳақыйқый мағлыўматларды топлап, оларға жумыс излеп атырған пуқараларды бағдарлайды. Жумыс бериўши болса талабанды қабыллаў ямаса қабыл етпеўди өзи шешеди.
Бул системаны енгизиў ушын арнаўлы электрон платформа жаратылып, дәслеп Ташкент қаласында тәжирийбе тәризинде басланады ҳәм кейин ала пүткил мәмлекет бойлап енгизиледи.
Соның менен бирге, қәниге табыў қыйын болған вакансиялар кәсиплик билимлендириўдиң тийкарғы бағдарларына айландырылып, таярлық процесслерин мақсетли шөлкемлестириўге хызмет етеди.
Кәсиплик билимлендириўдиң сапасын буннан былай да арттырыў мақсетинде жеке меншик сектор ўәкиллерин Кәсиплик көнликпелер орайларының жумысына тартыў, айырым орайларды болса анық тараўлар бойынша қәнигелестирилген билимлендириў орайларына айландырыў режелестирилген.
Жуўапкерлерге кәсиплик билимлендириўди үш басқышлы системаға өткериў ўазыйпасы қойылды. Соның ишинде, интернет арқалы бийпул видеосабақларды енгизиў, ислейтуғын пуқараларға қайта таярлық ямаса тәжирийбе арттырыў ушын "кәсип ваучер"и арқалы имканият жаратыў бойынша көрсетпелер берилди.
Мәмлекетимиз басшысы маман кадрларды таярлаў республикада жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўға хызмет ететуғын ең әҳмийетли факторлардан бири екенин атап өтти.











