Халықты талап жоқары кәсиплерге оқытыў ҳәм дәраматлы жумыс пенен тәмийинлеў ўазыйпалары додаланды

    Ҳүкимет 7 желтоқсан 2024 2313

    Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 7-декабрь күни халықты талап жоқары кәсиплерге оқытыў ҳәм дәраматлы жумыс пенен тәмийинлеў илажлары бойынша кеңейтилген мәжилис өткерилди.

    Бул мәселе мәмлекетимиздиң социаллық сиясатында бәрқулла әҳмийетли. Экономикалық глобалласыў процесинде орта буўын кадрларына болған талап күн сайын артып бармақта.

    Сол себепли мәжилисте орта буўын қәнигелерин таярлаўдағы тийкарғы мәселелер талланып, әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди.

    Кейинги бес жылда санаат кәрханаларына 24 миллиард долларлық үскенелер алып келинип, 63 мың жаңа қуўатлық иске қосылған, 1 миллион 500 мың турақлы жумыс орны жаратылған. Ҳәзирги күнде экономика тармақларында 200 мыңнан аслам маман қәнигеге талап бар.

    Келеси үш жылда инвестициялық бағдарламалар шеңберинде иске қосылатуғын кәрханаларда және 500 мың жумысшыға талап жүзеге келеди. Жаңа үскенелер ҳәм технологияларда ислеў ушын маман кадрлар суў ҳәм ҳаўадай зәрүр.

    Мәмлекетимизде потенциаллы кадрлар таярлаў ушын техникумлар менен кәрханаларды байланыстырып, дуал билимлендириў системасын раўажландырыў бойынша унамлы тәжирийбелер бар. Атап айтқанда, Асака транспорт ҳәм машина қурылысы техникумы, Бухара қалалық энергетика, нефть ҳәм газ санааты техникумы, Ширин энергетика техникумы, Ғузор районы ҳәм Шаҳрисабз қаласындағы 1-санлы техникумларда жергиликли ҳәм сырт ел кәрханалары менен биргеликте заманагөй қәнигелер таярланбақта.

    Соның менен бирге, жеке меншик кәрханаларды қоллап-қуўатлаў, оларға пайдалы шараят жаратып бериў арқалы дуал билимлендириўге қамтып алыўды арттырыў бойынша илажлар белгилеп берилди.

    Германия менен биргеликте 14 техникумда талап жоқары кәсиплерге ҳәм немис тилине оқытыў жолға қойылмақта. Ҳәкимлер ҳәм тармақ басшыларына ҳәр бир аймақта кеминде 5 техникумда усы тәжирийбени енгизиў тапсырылды.

    Заманагөй кәсиплерде шет тиллерин билиў оғада әҳмийетли. Сол себепли мектеплер ҳәм кәсип-өнерге оқытыў орайларында бундай сабақларды көбейтиў, техникумларға сырт елден оқытыўшылар алып келиў бойынша көрсетпелер берилди.

    Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги системасындағы 65 кәсиплик көнликпелер орайында оқытыў сапасын арттырыў, грантлар тартып, заманагөй кәсиплерге сәйкес үскенелер менен тәмийинлеў зәрүр екенлиги айтылды.

    Ўәлаятлардағы 13 қурылыс кәсиплерине оқытыў орайларының бағдарламалары да мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплерге бейимлестириледи. Қабыллаў системасы санластырылып, жылына 20 мың пуқара кәсипке таярланады.

    Кәсиплерди өз бетинше ямаса шәкиртликке түсип үйренгенлерге халықаралық тән алынатуғын сертификатлар бериў жолға қойылады. Оның ушын аймақларда 5 Кәсиплик маманлықты баҳалаў орайы шөлкемлестириледи.

    Сыртқы ислер министрлигине Уллы Британия, Германия, Канада, Словакия, Австралия, Жаңа Зеландия сыяқлы мәмлекетлерде оқыў ҳәм тәжирийбе арттырыў, заманагөй кәрханаларда ислеў тилегинде болған пуқараларға жеңиллик болыўы ушын виза тәртибин әпиўайыластырыў бойынша зәрүр илажлар көриў тапсырылды.

    Бизге белгили, раўажланған мәмлекетлерде студентлер ушын “Work and Travel” сыяқлы көплеген бағдарламалар бар. Соның ишинде, Өзбекстанлы жаслар дем алыс ўақтында сырт елге барып, ҳәм билим алмақта, ҳәм дәрамат таппақта. Бул бағдарламалардан пайдаланыў имканиятын арттырыў мақсетинде, келеси жылдан Жаслар ислери агентлиги тәрепинен студентлердиң жол қәрежетлери ушын ссуда ажыратыў жолға қойылатуғыны айтылды.

    Буннан тысқары, сырт елде мийнет етип атырған ўатанласларымыз бенен сөйлесиўди күшейтиў, олардың көбирек мийнет ҳақы алыўына шараят жаратыў және социаллық ҳәм ҳуқықый қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Мәжилисте жуўапкерлердиң мәлимлемеси тыңланды. Жумыссыз халықты талап жоқары кәсиплерге оқытыў, сырт елден қайтқанлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша анық ўазыйпалар белгиленди.

    No date selected
    February 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    Use cursor keys to navigate calendar dates