Өткен жылы елимизде жәми 40 миллион квадрат метрден аслам имарат-объектлер қурылған. Соның ишинде, 100 мыңнан аслам квартираға ийе 2 мың 44 көп қабатлы турақ жайлар қурылған.
Бул тек ғана социаллық ямаса қурылыс мәселеси емес, ал аймақлар экономикасында және бир драйвер болмақта. Атап айтқанда, усы турақ жайларды қурыўда ҳәм тутас тармақларда 350 мың адам жумыс пенен тәмийинленген. Мебель, электротехника, тоқымашылық, қурылыс материаллары тараўларында қосымша 11 триллион сумлық базар пайда болған. Экономикада 73 триллион сум қаржы айланып, бюджетке 14 триллион сум түскен.
Тараўды хошаметлеў ушын 2024-жылы 59 мың адамға 17 триллион сум ипотека кредити ажыратылған. Қурылысшы ҳәм девелоперлерге айланыс қаржы ушын жәми 3 триллион сум берилген.
Имканиятлардан толық пайдаланылса, нәтийжелер буннан да жақсы болар еди. Бирақ Қарақалпақстан, Жиззақ ҳәм Сырдәрьяда айырым жойбарлар өз ҳалына таслап қойылған. Айырым ўәлаятларда аукционда сатып алынған онлаған жерлерде қурылыс басланбаған. Халық ҳәм инфраструктурадан узақ жерде қурылғаны ушын 781 квартира сатылмаған.
Мәмлекетимиз басшысы, әсиресе, "Жаңа Өзбекстан" массивлериндеги жумыслардың барыўынан наразылығын билдирди.
- "Жаңа Өзбекстан" массивлерин қурыў - бул Президент сиясаты. Олар менен аймақлар абат болады, мәденият, ағартыўшылық, көзқарас өзгереди, саўда ҳәм хызметлер көбейеди, - деди Шавкат Мирзиёев.
Соның ушын бул бағдарда жаңа тәртип белгиленди. Енди "Жаңа Өзбекстан" массивине ажыратылған жер бойынша жойбарлаў 2 айдан аспаўы, 3 ай ишинде қурылыс басланыўы керек. Бул талап бузылса, жер қайта аукционға шығарылады. Жойбар көби менен он бес күнде экспертизадан өткериледи.
Быйыл бул массивлердиң инфраструктурасы ушын 1,2 триллион сум қаратылады.
Қурылыста "эскроу" системасы енгизилиўи менен, девелоперлерге ҳәзирден баслап төмен ставкада 1 миллиард доллар айланыс қаржы тартыў имканияты пайда болады. Әҳмийетлиси, оларды қаржыландырыў турақ жай қурыў менен бирге басланады ҳәм даўам етеди. Пуқаралар болса қурылыс басынан ипотека ҳәм субсидия алыў, үй питпестен де басқа адамға сатыў имканиятына ие болады.
Исенимли девелоперлер ушын және бир имканият: имараттың 50 проценти қурылғанда пуқаралар кредит ҳәм субсидия алыўы мүмкин болады. Бул тәртип тек ғана жеңилликли емес, ал коммерциялық ипотека кредитлери ушын да қолланылады.
Қурылысшы шөлкемлер қурылыс басланғанынан баслап жуўмақланғанша, бирақ көби менен 12 ай даўамында жер салығын төлеўден азат етиледи. Объект мүддетинде тапсырылмаса, девелопер жер салығын 2 есе муғдарында төлейди.
"Жаңа Өзбекстан" массивине ажыратылған жердиң 10 проценти девелоперлерге коммерциялық имаратлар қурыў ушын бирден-бир лот сыпатында саўдаға шығарылады. Турақ жайлардың 1-2-қабатларында жеке меншик бақшалар ашыў қоллап-қуўатланып, мүлк салығынан да азат етиледи.
Улыўма, 2030-жылға шекем 100 "Жаңа Өзбекстан" массивиниң қурылысы режелестирилген. Буның ушын жерлер кеминде 70 мың адам жасайтуғын район орайы ямаса қала аймағына 1-2 километр аралықтағы жерден ажыратылады. Бул массивлердиң ҳәр биринде 100 мың квадрат метрлик 2 мың квартира қурылады.
Жумысларды сапалы шөлкемлестириў ушын заманагөй менеджерлерден ибарат "Өз үйим" компаниясы дүзиледи. Бул компания "Жаңа Өзбекстан" массивлерине жер таңлаў, жойбарлаў, қурыў ҳәм эксплуатациялаўға жуўапкер болады.
Жуўапкерлерге халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда, келеси бес жыл ушын турақ жай сиясаты стратегиясын ислеп шығыў тапсырылды.
Қурылыс сапасы ҳәм қадағалаў мәселелерине айрықша тоқтап өтилди. Енди бул процесслер әпиўайыластырылатуғыны атап өтилди.
Соның ишинде, қурылысшылар "Ашық-айдын қурылыс" платформасы арқалы таяр жойбарды уйымлар менен онлайн келисип алады. Имараттың жойбарға сәйкеслигин Қурылыс тараўында қадағалаў инспекциясы тексерип көреди ҳәм питкерилгеннен кейин жуўмақ береди. Зәрүр жағдайларда, басқа тараўдағы қәнигелерди тартады. Қурылыс даўамында жер силкиниўге шыдамлылықты сынақтан өткерген лабораторияның өзи ақырында қосымша ҳақы алмай жуўмақ береди. Имаратты пайдаланыўға тапсырыўда ҳәзирги 7 уйымның орнына тек ғана 2 - Қурылыс инспекциясы ҳәм өрт қәўипсизлигиниң жуўмағы жетерли болады.
Бизге белгили, жақында Ташкент қаласының Бас режеси тастыйықланды. Енди архитектура-режелестириў тапсырмасы ҳәм қурылысқа руқсат бериў процесин бирлестирип, оған кететуғын ўақытты 2 есеге қысқартыў зәрүр екенлиги айтылды. Бул система келеси жылдан басқа да ўәлаятларда жолға қойылады. Жер алыўдан баслап, имаратты пайдаланыўға тапсырыўға шекемги ҳәр бир басқыш көринетуғын санлы система жаратылады.
Тараўға потенциаллы девелоперлерди тартыў мақсетинде, буннан былай көп қабатлы турақ жай қурыў ушын жерлер аукционда тек ғана ҚҚС төлеўши юридикалық тәреплерге сатылады.
Бүгинги күнде 15 мыңға шамалас көп қабатлы турақ жайларға тутас майдан мүлк ийесине бириктирилмегени себепли басқарыў-сервис компаниясы хызмет көрсететуғын аймақлардың шегарасы белгисиз. Бундай орынларды анық белгилеп, компанияларға бириктириў, тереклер егип, қоршаған орталықты сақлаў бойынша көрсетпелер берилди. Бул бағдардағы шәртнамалық қатнасықлар ҳәм жасыл аймақ бойынша нормаларды нызам менен беккемлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Усы жылы мәмлекетимизде 120 мың квартиралы көп қабатлы турақ жай қурылысы режелестирилген.
Сондай-ақ, Жаңа Ташкентте 15 мың шаңарақ қурыў нәзерде тутылған. Бул үйлерде "жасыл" энергиядан пайдаланылады. Энергия турақлылығын тәмийинлеў ушын жеке меншик шериклик тийкарында 100 мегаватт саат сыйымлылықтағы электр сақлаў қуўатлылығы орнатылады.
Жаңа Ташкенттеги турақ жайларды ысытыў ҳәм суўытыў орайласқан "үш генерация" системасы арқалы болады. Буның есабынан жаз мәўсиминде электр сарпланыўы 4 есеге қысқарады. Барлық имарат-объектлерге жоқары энергия нәтийжелилиги талаплары енгизиледи. Транспорт, жақтыландырыў системалары ҳәм зарядлаў станциялары тек ғана "жасыл" технологиялар тийкарында болады.
Ески турақ жайларды реновация тийкарында жаңалаў мәселесине де итибар қаратылды.
Онда жерден пайдаланыў нәтийжелилиги 4-5 есеге артады, коммуникация қәрежети 2 есеге азаяды. Тийкарғысы, бул арқалы усы аймақтағы адамлардың дүньяқарасы өзгереди, турмыс тәризи түп-тийкарынан жақсыланады, жумыс орны көбейип, экономика раўажланады.
Жиззақ, Марғулан, Қоқанд, Шаҳрисабз, Қаршы қалалары, Дослық ҳәм пайтахт районларында усындай жумыслар басланған. Бул басқышпа-басқыш басқа аймақларда да әмелге асырылады.
Быйыл турақ жай бағдарламаларын қаржыландырыўға бюджеттен 15 триллион 500 миллиард сум ажыратылыўы нәзерде тутылған. Банклер тәрепинен буған қосымша 10 триллион сум, "Ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясы" тәрепинен 2,3 триллион сум қаратылады.
Оның жәрдеминде 70 мың турақ жайдың ипотека кредити арқалы сатылыўына шараят жаратылады. Соннан 30 мың квартира, басланғыш төлемине бюджеттен субсидия төленген ҳалда, дәраматы жоқары болмаған шаңарақларға бериледи.
Мәжилисте ўәлаят ҳәкимлери "Жаңа Өзбекстан" массивлериниң қурылысы, ипотека ҳәм реновация жойбарлары бойынша мәлимлеме берди.