Қытайдың миллий авиакомпаниясы - Air China биринши мәрте Пекин-Ташкент-Пекин жөнелиси бойынша турақлы пәрўазларды әмелге асырыўды баслады.
Бул ҳаққында Uzbekistan Airports баспасөз хызмети хабар берди.
2025-жыл 19-июль күни саат 19:40 та Ташкент халықаралық аэропортына авиакомпанияның биринши рейси келип қонды. Заманагөй Boeing -737 самолётында жетип келген экипаж ҳәм жолаўшылар дәстүрий суў аркасы ҳәм гүллер менен салтанатлы түрде күтип алынды.
- Биз Қытай ҳәм Өзбекстан пайтахтлары арасында тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыўдан қуўанышлымыз. Бул бағдар еки мәмлекет арасындағы саўда, туризм ҳәм мәдений байланысларды беккемлеўде әҳмийетли роль атқарады. Air China тек ғана жолаўшыларды емес, ал қалалар ҳәм имканиятларды да байланыстырыўшы көпир болыўға умтылмақта", - деди авиакомпания ўәкили.
"Uzbekistan Airports Handling" директорының биринши орынбасары Умид Ҳамраев болса төмендегише түсиник берди:
- "Air China сыяқлы ири бирге ислесиўшини қабыл етиўден қуўанышлымыз. Бул бағдарға талап жоқары болатуғынына исенемиз. Жолаўшылар ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылған".
Пәрўазлар ҳәптениң шемби, пийшемби ҳәм шемби күнлери әмелге асырылады.
Air China - Қытайдың ең ири ҳәм тийкарғы авиакомпаниясы болып, Star Alliance халықаралық альянсының ағзасы есапланады. Компания 1988-жылы шөлкемлестирилген ҳәм Пекин аэропортында жайласқан.









