Ҳәр жылы 9-июнь күни Пүткил жер жүзилик аккредитация күни белгиленип келинеди ҳәм бул сәне белгили бир сүрен астында өтеди. Абырайлы халықаралық шөлкемлер - ИАФ ҳәм ИЛАК усынысына бола быйыл "Аккредитация: Киши ҳәм орта бизнес имканиятларын кеңейтиў жолында" сүрени белгиленди ҳәм жыл басынан берли дүньядағы аккредитация уйымлары усы сүренге сәйкес түрде жумыс алып бармақта. Халықаралық әнжуман темасы да аккредитацияның киши ҳәм орта бизнести раўажландырыўдағы қатнасына бағышланды.
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, мәмлекет жалпы ишки өниминиң 50 проценттен асламы, жумыс орынларының шама менен 74 проценти әйне киши ҳәм орта бизнестиң үлесине туўра келеди. Мәмлекет экономикасының ярымынан асламы, санаат ҳәм экспорттың үштен бир бөлеги мине усы сектордың үлесине туўра келеди.
Бул секторды және де раўажландырыў ушын мәмлекеттеги сапа инфраструктурасын жетилистирип барыў зәрүр.
Бул орында халықаралық тәжирийбе де әҳмийетли. Әнжуман қатнасыўшылары ILAC ҳәм IAF заманагөй аккредитация схемаларын қәлиплестириў, киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаў және жәҳән экономикасына исенимди беккемлеўдеги орны ҳаққында өз пикир-усынысларын билдирди.
O’ZAKK директорының орынбасары Ш.Юлдашова Өзбекстан аккредитация орайы тәрепинен алып барылып атырған жумыслар, аккредитация арқалы сапаны тәмийинлеў: миссия, жетискенликлер ҳәм жаңа режелер ҳаққында айтып берди. Соның ишинде, 2024-жыл даўамында Орай тәрепинен 90 аккредитация процесслери, 440 дәўирлик баҳалаў өткерилди.
Әнжуманға киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери де мирәт етилди. Олар да өз жумысларында аккредитацияның орны, әҳмийети ҳәм ерисилген нәтийжелер ҳаққында өз пикир-усынысларын билдирди. Бизнестиң ҳадал ҳәм ең жоқары дәрежедеги стандартларға муўапық жумыс алып барыўы ҳаққында аккредитация тәрепинен берилген жуўмақ қарыйдарлар ҳәм бирге ислесиўшилер ушын унамлы сигнал екенин атап өтиў керек. Бул өз орнында киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери тек ғана ири корпорациялар менен бәсекиге кирисиўи емес, ал республиканың экспорт потенциалына унамлы тәсирин көрсетиўи мүмкин.











