Ал-Беруний атындағы халықаралық мектеп-интернат жумысы жолға қойылады

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Президент талантлы перзентлери" басламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында"ғы Пәрманы (ПП-86-санлы, 15.05.2025 ж.) қабыл етилди.

    Пәрманды қабыл етиўден гөзленген тийкарғы мақсетлер етип төмендегилер белгиленди, атап айтқанда:

    қәбилетли жасларды ерте анықлаў ҳәм оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў арқалы мәмлекетте инсан капиталын раўажландырыў;

    жаслар менен мәнзилли ислесиў арқалы глобал мийнет базарында бәсекиге шыдамлы болған қәнигелер таярлаў ҳәм мәмлекеттиң раўажланыўы ушын жаңа инновациялық имканиятлар жаратыў.

    Пәрманға бола, "Президент талантлы перзентлери" басламасы ҳәм оны қоллап-қуўатлаў бойынша миллий бағдарлама әмелге асырылады.

    Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги системасында Ал-Беруний атындағы халықаралық мектеп-интернаты шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, Қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў жәмиетиниң жумысы жолға қойылады.

    Пәрманға бола, Мектепте оқыў процеси 2025/2026-оқыў жылынан басланады.

    Мектеп питкериўшилерине мәмлекетлик үлгидеги билимлендириў ҳаққындағы ҳүжжет (аттестат) пенен бир қатарда жетекши сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлерине оқыўға кириў имканиятын беретуғын халықаралық билимлендириў бағдарламасы дипломы (International Baccalaureate) бериледи.

    Оқыўшылар менен индивидуал ислесиў системасы енгизилип, 1 кеңесгөй ҳәм педагогқа туўра келетуғын оқыўшылар санының қатнасының шекленген нормативине сәйкес түрде 1:15 ҳәм 1:8 қатнаслары қолланылады.

    Мектепте билимлендириў процеси вариациялық оқыў режелери тийкарында әмелге асырылады ҳәм оқыўшылар инглис тилинен тысқары кеминде және бир қосымша шет тилине оқытылады;

    Мектепте Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан оқытылатуғын оқыўшылардың улыўма шекленген саны 180 адамды қурайды.

    Оқыўшыларға илимий-изертлеў ҳәм инновациялық стартап жойбарлар ҳәм басқа да социаллық жойбарлар бойынша өзиниң портфелин қәлиплестириўге жәрдем бериледи.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates