Мәмлекетимиз басшысы 2022-жыл августта усы қалашаның тырнағын қойған еди. Өткен жыллары инженерлик тармақлары тартылып, 1 мың 773 квартиралы 72 көп қабатлы жай пайдаланыўға тапсырылған. Быйыл мың квартиралы және 28 турақ жайдың қурылысы режелестирилген. Бул жерде жәми 5 мыңнан аслам квартира болады.

Қалаша Үргенш халықаралық аэропорты жанында, 130 гектардан аслам аймақта қурылмақта. Самолёттан түскен мийманлардың көз алдында ең дәслеп мине усы гөззал орын пайда болады. Қалашаның орайында Хорезмий бабамыздың саўлатлы естелиги орнатылады.

Президентимизге бул естеликтиң жойбары таныстырылды.

Естелик қалашада қурылып атырған 20 гектарлық бағдың кириў бөлиминде орнатылады. Оның бийиклиги 22 метр, тырнағы менен бирге 30 метрден аслам болады.

Жуўапкерлерге монументти ҳәм дөретиўшилик, ҳәм мәнилик жақтан жетилистириў, қалашада жасыл тоғайды көбейтиў бойынша көрсетпелер берилди.

Кеше Президентимиз Ал-Хорезмий университети ҳәм қәнигелестирилген мектеп шөлкемлестириў бойынша қарарға қол қойды. Бул университетте 3: математика ҳәм информатика, аэрокосмослық технологиялар инженерлиги ҳәм жасалма интеллект факультетлери болады. Оқыў процесслери "Жаңа Өзбекстан" университетиниң тәжирийбеси тийкарында, Бирлескен Араб Әмирликлери, Қытай, Уллы Британия сыяқлы мәмлекетлердиң абырайлы жоқары билимлендириў шөлкемлери менен биргеликте шөлкемлестириледи. Қабыллаўды 2025-2026-оқыў жылынан баслаў режелестирилген. Жәми студентлер саны 4-6 мың әтирапында болыўы нәзерде тутылған.

Қалаша аймағында Ташкенттеги Муҳаммед ал-Хорезмий мектебиниң филиалы да шөлкемлестириледи. Оған 4-класс питкериўшилери таңлап алынады. Билимлендириўдиң жуўмақлаўшы 2-жылы инженерликке басланғыш таярлыққа қаратылады.

Сондай-ақ, Ал-Хорезмий қалашасында технопарк ҳәм офислер, медицина ҳәм мәденият орайлары, қыябанлар, мектеп ҳәм бақшалар, спорт комплекслери, саўда ҳәм турмыслық имаратлар болады.