Мозори Шариф қаласында уллы шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайы естелигиниң бузып тасланғаны ҳаққында мәлим болыўы менен Өзбекстан Сыртқы ислер министрлиги бул мәселе бойынша рәсмий түсиниклер алыў мақсетинде Аўғанстан ҳүкимети ўәкиллери менен оператив түрде байланысты.

Алынған мағлыўматларға бола, Әлийшер Наўайы естелиги орнатылған орын уллы ойшылдың естелигине жетерли дәрежеде мүнәсип емеслиги, шайыр ҳәм ойшыл ушын және де көркем комплекс қурылыўы зәрүрлиги себепли естелик жергиликли ҳәкимият тәрепинен алып тасланған. Соның менен бирге, бул бузылыў жумыслары Аўғанстан Мәденият ҳәм мәлимлеме министрлиги ҳәм кең жәмийетшилик пенен келисилмегени айрықша атап өтилип, аўған тәрепи жағдай бойынша өкиниш билдирди.

Буннан тысқары, Аўғанстан ҳүкимети ўәкиллери тек ғана Өзбекстан емес, ал Аўғанстан халқы ушын қәдирли болған Әлийшер Наўайы естелигин мүнәсип түрде мәңгилестирилетуғынын тастыйықлап, уллы шайыр ҳәм ойшыл ҳүрметине айрықша естелик қурыўға ўәде берди. Соның ишинде, аймақты абаданластырыў, шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилик мийрасына байланыслы мағлыўматларды өз ишине алған жазыўларды тиклеў және әмелдеги қарарларға муўапық жаңа естелик қурыў ҳәм ол жайласқан майданға уллы шайыр Әлийшер Наўайы аты қойылыўы режелестирилгенин мәлим етти.

Аўғанстан тәрепи пүткил регион ушын бирдей қәдирли болған уллы ойшылдың естелигин қәстерлеп сақлаў бағдарындағы исенимли умтылысын билдирген ҳалда, оның атын мүнәсип қәдирлеў ушын барлық зәрүр илажлар көрилетуғынын атап өтти.