Әлийшер Наўайы естелиги қайсы мәмлекетлерде бой тиклегенин билесиз бе?

    Әлийшер Наўайының естеликлери дүнья бойлап бир қатар қалаларда орнатылған болып, бул уллы шайыр ҳәм ойшылға болған ҳүрмет ҳәм итибар үлгиси болып есапланады.

    Төменде усы мәмлекетлердиң дизими нәзериңизге усынылады:

    Өзбекстан: Ташкент қаласында Әлийшер Наўайы естелиги бар.

    Тәжикстан: Душанбе қаласында Наўайы естелиги бой тиклеген.

    Түркия: Анкара қаласының Кечиўрен районында Наўайы естелиги орнатилган.

    АҚШ: Вашингтондаги китапханада Наўайы естелиги бар.

    Япония: Токио қаласындағы Сока университети аймағында Әлийшер Наўайы естелиги орнатылған.

    Қытай: Шанхай қаласында Наўайы естелиги бар.

    Қубла Корея: Пайтахт Сеулде Наўайының бюсти орнатылған.

    Қазақстан: Астана қаласында Наўайы естелиги орнатылған.

    Беларус: Минскте уллы шайырдың естелиги бар.

    Россия: Москва қаласында Наўайы естелиги бар.

    Соның менен бирге, Әзербайжанның Баку, Түркменстанның Ашхабад, Аўғанстанның Мозори-Шариф ҳәм Ҳирот, сондай-ақ, Өзбекстанның көплеген аймақларында ҳәзирети Наўайының ҳәйкели ҳәм естеликлери бар.