Илажда китапхана хызметкерлери, қазақ, татар ҳәм басқа да халықлардың жәмийетлик бирлеспелериниң ўәкиллери, сондай-ақ, Екатеринбург қаласындағы жоқары оқыў орынларында билим алып атырған өзбекстанлы студент-жаслар қатнасты, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Илаж даўамында Әлийшер Наўайының дүнья әдебияты, миллий мәденияты ҳәм инсанияттың руўхый-эстетикалық ой-пикириниң раўажланыўына қосқан шексиз үлеси атап өтилди. Шайырдың өзбек ҳәм басқа да тиллердеги ғәзеллери, рубаийлери, классик шығармалары тийкарындағы музыкалы ҳәм аяқ ойын номерлери атқарылды.
Шет елде билим алып атырған өзбекстанлы студент-жаслардың белсене қатнасыўы, уллы бабаларымыздың мәдений мийрасын терең билиўин көрсетип, шайырдың ғәззеллери, рубайлары ҳәм ҳикметли сөзлеринен үзиндилерди ядтан оқып бериўи кешеге өзгеше руўх бағышлады.
Илаж жуўмағында қатнасыўшылар алты әсир өткенине қарамастан, Әлийшер Наўайы дөретиўшилиги дүнья жүзи бойлап жоқары қәдем таслап киятырғаны, оның шығармалары өз қәдири ҳәм әҳмийетин жоғалтпағаны, шексиз руўхый илҳам дәреги болып қалып атырғанын атап өтти.
Илажға "Россия 24" телеканалы ўәкиллери де мирәт етилип, бул илажды кеңнен сәўлелендирип барды. Телевизион сюжет телеканал эфиринде көрсетилип, Өзбекстанның мәдений мийрасы ҳәм Әлийшер Наўайының дөретиўшилик мийрасын кең жәмийетшилик арасында және де үгит-нәсиятлаўға хызмет етти.
Буннан тысқары, Әлийшер Наўайының мәдений-руўхый мийрасын сырт елде үгит-нәсиятлаў шеңберинде Екатеринбург қаласындағы улыўма билим бериў мектеплериниң биринде өз алдына ағартыўшылық илаж өткерилип, оқыўшылар ҳәм педагоглар уллы өзбек шайыры ҳәм ойшылының өмири ҳәм дөретиўшилиги менен жақыннан танысты.