Уллы бабамыздың өмиринде қалдырған мийрасларының әҳмийетин жоқары дәрежеде баҳалаў қыйын. Оның дөретпелери әсирлер даўамында әўладларды илҳамландырып келмекте ҳәм XXI әсирде де әҳмийетли болып қалмақта. Наўайы шығармалары арқалы дүнья цивилизациясы регион мәденияты менен жақыннан танысты, өзбек халқының руўхый қәдириятларына ҳүрмет артты.
Наўайы өзиниң қосық ҳәм прозасында жоқары улыўмаинсаныйлық идеяларды жәмлеген, ана тилиниң шексиз байлығын, оның шексиз тәсир имканиятларын гөззаллық ҳәм нәзикликке толы етип көрсетип, дүнья әдебияты тарийхынан мүнәсип орын ийеледи.
Заманласлар сөз шебери образын ҳәзирги күнге шекем қәдирлеп, Өзбекстан Миллий китапханасы, Миллий бағ ҳәм Мәмлекетлик академиялық үлкен театр, Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университети, Мәмлекетлик әдебият музейи, метро бәндиргиси, көплеген көшелер, мәҳәллелер, мектеплер, дем алыў бағлары, ҳәттеки, пүткил бир ўәлаят ҳәм оның орайына да оның атын берип келмекте. Республикадан тысқары Алматы, Киев, Баку, Ашхабад ҳәм басқа да бир қатар қалаларда көшелер, проспектлер оның аты менен аталады.
Булардың барлығы Наўайы мийрасының елеге шекем әҳмийетли екенин, дүнья халқы бүгинги Өзбекстан үлкесиниң уллы перзентин қәдирлеп, ядында сақлап киятырғанын айқын көрсетеди. Соның менен бирге, философтың дөретиўшилигин үйрениў сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди. Наўайытаныўшылықта пүткил заманагөй билимлер қатламы пайда болып, илимди раўажланыўдың кейинги басқышына алып шығыў имканиятын берди. Ерисилген нәтийжелер, әсиресе, республика ғәрезсизлигиниң дәслепки жыллары менен салыстырылса, айқын көринеди. XX әсир ақырында өзбекстанлы илимпазлар пуқаралардың миллий мәденият гәзийнелеринен жетерли дәрежеде хабардар емеслиги себепли мәселеге қызығыўшылығы болмаған шараятта изертлеўлерди өз қаржылары есабынан басып шығарыў ҳәм ғалаба ен жайдырыўға мәжбүр болды. Нәтийжеде бундай шығармалар аз нусқада басып шығарылған.
Бүгин жағдай пүткиллей өзгерди. Мәселен, 2025-жылы Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Өзбек тили, әдебияты ҳәм фольклоры институтының бөлими тәрепинен төрт томлық "Әлийшер Наўайы энциклопедиясы" таярланды. 198,5 бетлик бул фундаментал шығарма үш мыңнан аслам мақаладан ибарат болып, онда Наўайының өмир баяны, жумысы, жақынлары, дослары, устазлары, классикалық әдебият тарийхындағы теңсиз орны сәўлеленген. Оған мәмлекетимиз ҳәм дүнья китапханаларында сақланып атырған Наўайының қолжазба ҳәм тасбаспа китаплары киргизилген. Буннан тысқары, жыйналған мақалалар ойшыл образын мүсиншиликте, театрда, кинода сәўлелендириўге байланыслы. Топламда өзбекстанлы 78 наўайытаныўшы, жас изертлеўшилер, сондай-ақ, Түркия ҳәм Әзербайжан илимпазларының мақалалары орын алған.
Быйыл да жумыслар даўам еттирилмекте. Атап айтқанда, Әлийшер Наўайы туўылғанының 585 жыллығы республикамызда ҳәм сырт еллерде кеңнен белгиленбекте. Атап айтқанда, пайтахтымыздағы Жазыўшылар қыябанында 9-февраль күни мәденият хызметкерлериниң қатнасыўында темаға байланыслы илаж өткерилип, сөз шебериниң шығармаларынан үзиндилер жаңлады, оның заманагөй әдебиятқа тәсири ҳаққында сөз етилди. Қатнасыўшылар уллы ата-баба естелигине гүллер қойып, дәстүрлердиң даўамлылығын атап өтти.
- Әлийшер Наўайы дөретиўшилиги Орайлық Азия шегараларынан әлле қашан өтип кеткенин айрықша атап өтиў зәрүр, - дейди Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Өзбекстан халық шайыры Сирожиддин Саййид. - Шығармалары дүньяның онлаған тиллерине аўдарылып, оның шығармаларына бағышланған илимий изертлеўлер ең ири университетлер ҳәм илимий орайларда басып шығарылмақта. Наўайы тек ғана өзбек емес, ал дүнья әдебиятының да тымсалы болып, оның шығармалары Шығыстың мәдений көптүрлилиги ҳәм руўхый байлығын түсиниўге жәрдем береди. Мәңгилик ҳаққындағы қатарлар мәдений байланысларды беккемлеўге, Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайын арттырыўға хызмет етпекте. Себеби, изертлеўшилер оның шығармаларының терең философиялық ҳәм әдеп-икрамлылық қатламларын өзлери ушын ашса, өзбек халқын, оның тарийхы ҳәм мәдениятын жақсырақ түсинеди. Бул әдебият арқалы халықлар арасындағы байланыслар беккемленгенде әмелдеги мәдений дипломатия.
Нәтийжеде баба мийрасына бағышланған әнжуманларда түрли мәмлекетлерден илимпазлар қатнасып атырғаны да дүньяда шайыр ҳәм ойшыл дөретиўшилигине қызығыўшылық бар екенинен дәрек береди. Мәселен, Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университети, Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық жәмийетлик фонд ҳәм Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте шөлкемлестирилген "Наўайы ҳәм Шығыс Ренессансы" атамасындағы V дәстүрий халықаралық симпозиум юбилей илажларының ең үлкен шешими болды.
Илаж төрт бағдар бойынша пикир-таласларды өз ишине алды. Бириншиси, Наўайының әдебий мийрасы, суфизм ҳәм философия, екиншиси, Шығыс Ренессансы ҳәм темурийлер дәўиринде илим, әдебият, мәденияттың раўажланыўы, үшиншиси, уллы ойшыл дөретиўшилигиниң дүнья цивилизациясындағы орны, халықаралық майдандағы әдебий тәсири, төртиншиси, яғный жуўмақлаўшы бөлиминде тил билими ҳәм аўдарма машқалалары ҳаққында сөз болды.
- Пүткил дүнья илимпазлары уллы шайыр, ойшыл, гуманисттиң әдебий ҳәм философиялық мийрасын үйрениўди даўам еттирмекте, - деди Брюссел (Бельгия) еркин университетиниң изертлеўшиси, Орайлық Азия бойынша қәниге Дерья Сойсал. - Бирақ жәмийетшилик шайырдың оқыўшыларға (әсиресе, өсип киятырған жас әўладқа) өз ҳәрекетлериниң характерин жақсырақ түсинип алыўы, турмыста дурыс жол табыўы ушын усынып атырған поэзиялық текстлер, руўхый-әдеп-икрамлылық ҳәм дидактикалық нәсиятларда жасырынған тийкарғы сыр ҳәм жумбақларды еле шешиўи керек. "Темурийлер данқынан заманагөй ояныў дәўирине шекем: Жаңа Өзбекстан тийкарларын жаратыў" атамасындағы баянатында ол өз алдына Ояныў дәўириниң қәлиплесиў жолын бақлаў, нызамлылықларды табыў ўазыйпасын қойған. Себеби, сизлердиң елиңиз ҳақыйқый феномен, үшинши Шығыс Ренессансының орайы болып есапланады. Әне, усы жерде ҳәр қыйлы дәўирлерде өзиниң даналығы, күши ҳәм ақылы менен артқа қайтпайтуғын дөретиўшилик процесслерин баслай алған шахслар туўылады.
Байрам илажларының қатнасыўшылары Әлийшер Наўайы дөретиўшилиги Өзбекстанның ең үлкен мәдений байлықларынан бири, дүнья ағартыўшылығы ғәзийнесиндеги гәўҳары, деген пикирге келди. Оның философиялық ой-пикирлерге, үгит-нәсиятларға бай шығармалары бүгин де әҳмийетли. Ҳәзирги заман адамы, әсиресе, жаслар ушын Наўайы менен танысыў әсирлик даналыққа қол тийгизиў, сабырлылық ҳәм адамгершиликти үйрениў имканияты болып табылады. Атақлы дөретиўшиниң поезиясы турмыстың мәниси, жақсылық ҳәм жаманлық, садықлық ҳәм қыянет ҳаққында пикир жүргизеди. Ол өтмиш пенен бүгинди, дәстүрлер менен ҳәзирги күнди байланыстыратуғын сабақ, шексиз илҳам дәреги болып есапланады.
***
Әлийшер Наўайының дүнья әдебиятына қосқан үлеси шексиз болып, оның дөретиўшилиги Шығыс мотивлери ҳәм әдебий дәстүрлерин бирлестирген. Шайыр тарийхқа өзбек әдебий тилиниң тийкарын салыўшы сыпатында кирген, оның жумысы ҳәм дөретиўшилиги өзине тән үлги болып есапланады. Ол бүгинги күнге шекем ақыл-парасат, намыс, талант ҳәм жоқары мәртебелилик үлгиси болып, халыққа, елге, адамзатқа садық болып келмекте. Мине, дерлик алты әсир даўамында өзбек халқының уллы перзенти, дөретиўшилиги дүнья әдебиятының Шекспир, Пушкин, Данте сыяқлы даңқлы тулғалары менен бир басқышта турған Әлийшер Наўайы ҳәммени "үлкен ҳәрипли инсан" болыўға шақырмақта.
Сабина Алимова.
"Правда Востока".