Усы ҳәм басқа да көп нәрселер ҳаққында күни кеше ғана Хожендте (Тәжикстан) болып өткен "Әлийшер Наўайы ҳәм Абдураҳман Жәмий - туўысқанлық байланыслары ҳәм өзбек ҳәм тәжик халықларының өз-ара бир-бирин түсиниўиниң айқын үлгиси" конференциясы шеңберинде сөз болды.
Тарийх, мәдений ҳәм руўхый қәдириятлардың уқсаслығы, сондай-ақ, өз-ара ҳүрмет ҳәм жақсы қоңсышылықтың сийрек ушырасатуғын, көп әсирлик дәстүрлери Өзбекстан ҳәм Тәжикстанның ҳәзирги қатнасықларына беккем тийкар жаратпақта. Турақлы түрде жоқары дәрежелерде сиясий байланыслар шөлкемлестирилмекте. Еки мәмлекет президентлери бир неше мәрте рәсмий ҳәм әмелий сапарларды әмелге асырды. Мәмлекет басшылары дәрежесиндеги қызғын сөйлесиў ҳәм жедел сиясий бирге ислесиў еки тәреплеме қатнасықларды тереңлестириўге үлкен үлес қоспақта.
Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасында саўда-экономикалық қатнасықлар да жедел раўажланбақта. Товар алмасыў көрсеткишлери жылдан-жылға артып бармақта. Еки мәмлекетте де қоспа кәрханалар саны турақлы өсип бармақта. Ташкент ҳәм Душанбе жаңа транзит коридорларын қәлиплестириў ҳәм заманагөй логистика инфраструктурасын жаратыў үстинде жумыс алып бармақта, буның нәтийжесинде халықаралық темир жол ҳәм автомобилде жүк тасыў көлеми сезилерли дәрежеде артты.
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Ташкент Тәжикстан менен онлаған жыллар даўамында жыйналып қалған барлық тартыслы мәселелерди шешиўге киристи. Бул өз-ара саўда ҳәм инвестициялар, транспорт коммуникациялары, суў-энергетика ресурсларынан биргеликте пайдаланыў тараўларында бирге ислесиўди беккемлеўге, халықаралық ҳәм регионаллық структуралар шеңберинде мәдений-гуманитарлық ҳәм өз-ара бирге ислесиўди кеңейтиўге имканият берди.
Еки мәмлекеттиң мәдений дереги ҳәм дәстүрлериниң уқсаслығына гүман жоқ. Еки республикадағы көплеген миллий жәмәәтлер дос халықлардың бир-бирин байытыўы ҳәм жақынласыўына мүнәсип үлес қосып атырған бирлестириўши фактор болып хызмет етпекте. Еки елде де миллий мәдений орайлардың табыслы жумысы ушын зәрүр шараятлар жаратылған.
Хоженд қаласында болып өткен Өзбекстан "Ватандошлар" жәмийетлик фонды тәрепинен шөлкемлестирилген еки елдиң академиялық ҳәм әдебий топарлары ўәкиллериниң ушырасыўы да бирге ислесиўдиң сапа жағынан жаңа, стратегиялық дәрежесине өтиўи шараятында әмелий бирге ислесиўди және де тереңлестириў ушын жаңа өсиў ноқатларын излеўге бағышланды.
- Бүгинги күнде Өзбекстанда 1,5 миллионнан аслам тәжиклер, Тәжикстанда болса миллионға шамалас этник өзбеклер жасайды, - дейди Өзбекстан "Ватандошлар" жәмийетлик фонды басқармасының баслығы Одилжон Сатторов өзиниң шығып сөйлеген сөзинде. - Бизде Тәжик миллий-мәдений орайы ҳәм оның ўәлаятлардағы он филиалы жумыс алып бармақта. Бир қатар мектеплерде билимлендириў тәжик тилинде алып барылады, төрт дәўирлик баспа, онлаған теле- ҳәм радиоеситтириўлер эфирге бериледи. Өзбекстан ҳәм Тәжикстанда бир неше мәрте мәденият күнлери, белгили художниклер ҳәм өнерментлердиң шығармалары көргизбелери, концертлер ҳәм кинофестиваллар өткерилди. Театр көркем өнери тараўында турақлы түрде өз-ара саяхатлар шөлкемлестирилмекте. Тәжикстан ўәкиллери Өзбекстанда өткерилип атырған халықаралық бақсышылық көркем өнери фестиваллары ҳәм мақам көркем өнери форумларында, "Бойсун бәҳәри" ҳәм "Шарқ тароналари" фестивалларында, "Истеъдод" халықаралық таңлаўында турақлы қатнасады.
Конференция даўамында тәжикстанлы журналист, Б.Ғафуров атындағы Хоженд мәмлекетлик университетиниң (ХМУ) оқытыўшысы Озод Мелибоев былай дейди: "дүньяда жүзеге келип атырған қыйын шараятларда Тәжикстан сыртқы сиясатта Өзбекстанды ең әҳмийетли тийкарғы бағдар деп биледи, Душанбе буны тек ғана мәмлекетти раўажландырыў перспективалары емес, ал регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў менен де байланыстырады".
2018-жылы мәмлекетлеримиз пуқаралардың өз-ара саяхатлары ҳаққында келисимге қол қойды, оған муўапық 30 күнге шекем визасыз режим енгизилди. Бул мәмлекетлер арасындағы ҳәрекетти сезилерли дәрежеде жеңиллестирди, туристлик алмасыўдың өсиўинде катализатор ўазыйпасын атқарды. Бундай өзгерислер нәтийжесинде Тәжикстан 2023-жылы Өзбекстанға келген туристлер саны бойынша биринши орынды ийеледи (2,15 миллионнан аслам адам).
Виза режимин әпиўайыластырыўдан тысқары, шегара мәселелери тәртипке салынды, бул болса шегарадағы қадағалаў-өткериў пунктлериниң толық жумысын тиклеўге, автобус, темир жол ҳәм авиатасыўларды көбейтиўге жәрдем берди. Ҳәзирги ўақытта турақлы рейслер әмелге асырылмақта, сондай-ақ, экономикалық ҳәм мәдений алмасыўларды және де беккемлейтуғын Ташкент - Хоженд ҳәм Қоқанд - Шайдан халықаралық автобус жөнелислери де жумыс алып бармақта.
- Өзбекстан ҳәм Тәжикстан Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамы ҳәм Аралды қутқарыў халықаралық қоры шеңберинде байланысларды жедел қоллап-қуўатламақта, - дейди философия илимлериниң докторы, ХМУ профессоры Аслиддин Пўлатов. - Бирге ислесиў Ташкент ҳәм Душанбе арасында өз-ара ҳүрмет ҳәм қоллап-қуўатлаў принциплери тийкарында улыўма басламаларды алға қойыўға қаратылған биргеликтеги ҳәрекетлер менен тәрипленеди. Әҳмийетлиси, бул сөйлесиўдиң терең тамырлары, үлкен тарийхы бар. Бизиң конференция шеңберинде еки данышпан - Әлийшер Наўайы ҳәм Абдураҳман Жәмий мийрасының геосиясий қатнасықлары ҳәм өз-ара байланыслылығын додалап атырғанымыз тегиннен емес. Бизге белгили, қәлем шеберлери бир-бириниң талантынан таң қалған, оларды гуманистлик көз-қараслар ҳәм илимий излениўлерге қызығыўшылық, сондай-ақ, жаңа әдебий формалар бирлестирген. Көпшилик жағынан бабалар сөйлесиўи ҳәзирги басқышта республикаларымыз арасындағы қатнасықларды ҳәм еки мәмлекет басшылары - Шавкат Мирзиёев ҳәм Эмомали Раҳмон арасындағы сөйлесиўди сәўлелендиреди. Бул илаждың атамасы да усының менен байланыслы.
Қатнасыўшылар атап өткениндей, мәмлекетлер жедел сиясий-экономикалық бирге ислесиўди есапқа алған ҳалда регионаллық бирге ислесиўдиң тийкарғы драйверлери болыў ушын зәрүр шараятларға ийе. Бир сөз бенен айтқанда, Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы байланыслардың күшейиўи Орайлық Азияда бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўда шешиўши тәсир көрсетиўи мүмкин.
- Өзбекстан Президентиниң ишки ҳәм сыртқы сиясаты себепли Орайлық Азиядағы сиясий ықлымның өзгериўи региондағы ўақыялардың раўажланыўын өзгертип, өз-ара қатнасықлардың барлық спектрине тәсир көрсетти, - деп даўам етеди О. Мелибоев. - Өзбекстан басшысын мәмлекетлеримиз арасындағы жаңа дәрежедеги қатнасықлардың архитекторы десек асыра айтқан болмаймыз. Өз гезегинде, Өзбекстан ҳәм Тәжикстанның конструктивлик ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўи бул еки туўысқан халықтың узақ мүддетли мәплерине жуўап береди, бул болса Орайлық Азияның тынышлығы, турақлылығы, қәўипсизлиги ҳәм турақлы раўажланыўын тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болып хызмет етеди.
Конференция қатнасыўшылары Тәжикстан ҳәм Өзбекстанның анық ҳәм тәбийий илимлер тараўындағы академиялық бирге ислесиўиниң жағдайы ҳәм перспективалары, сондай-ақ, жергиликли илимпазлардың мәдений-гуманитарлық тараўда дос мәмлекеттеги кәсиплеслери менен бирге ислесиўине бағышланған баянатларды үлкен қызығыўшылық пенен тыңлады.
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы Азиз Саидтиң еки елдиң әдебий, мәдений ҳәм руўхый байланыслары темасына бағышланған шығып сөйлеген сөзи көпшиликтиң дыққатын тартты. Автордың атап өтиўинше, Өзбекстан ҳәм Тәжикстанның ҳәзирги күнин өз-ара дөретиўшилик тәсирсиз, әсирлер даўамында бар болған беккем дослық байланысларсыз қандай болыўын көз алдымызға келтирип болмайды.
2018-жыл август айында мәмлекетимиз басшысы өзбек ҳәм тәжик халықларының "Дослық ақшамы"ндағы шығып сөйлеген сөзинде былай деди: "Өзбек ҳәм тәжик халықлары бир теректиң еки шақасына, бир дәрьяның еки сағасына уқсайды. Бизиң муқаддес динимиз, жеримиз ҳәм суўымыз бир. Қуўаныш ҳәм тәшўишлеримиз, тәғдиримиз бирдей. Ата-бабаларымыздың жақсы дәстүрлерин даўам еттирип, халықларымыз дослығын беккемлеўимиз ҳәм қәстерлеп сақлаўымыз керек".
Ҳақыйқатында да, бул жердиң көплеген әўладлары уқсас турмыс кеширген, балалығында оларға жақсылықтың жаўызлық үстинен жеңиси ҳаққында уқсас ертеклер айтылған, олар әдебий дүрданалардың тап усы атамадағы сюжетлерин, эпикалық дәстанларды оқыған ҳәм Наўрыз ҳүрметине салтанатлы байрамлар шөлкемлестирген. Лайли ҳәм Мәжнүн, Фарҳад ҳәм Шийрин - өзбеклердиң де, тәжиклердиң де сүйикли қаҳарманлары - уллы Наўайы ҳәм Жәмий тиллеринде сөйлеген.
Артқа нәзер тасласақ, Президентимиздиң сөзлери - оның бундай ийгиликли ислерге қайырлы жол тилеўи - шын мәнисиндеги көрсетпе болып, еки мәмлекет ҳәм олардың пуқаралары арасындағы қатнасықлар сол ўақыттан берли раўажланыўда даўам етпекте.
- Тәжикстан ҳәм Өзбекстан арасындағы қатнасықлар ҳәм шериклик барлық бағдарларда мисли көрилмеген жетискенликлерге еристи. Бүгинги күнде илажы барынша күш, имканият ҳәм потенциалды бирлестириў, мәмлекетлеримиздиң раўажланыўында әҳмийетли қурам бөлеги болып хызмет ететуғын биргеликтеги жойбарлар менен бағдарламаларды әмелге асырыўымыз зәрүр, - дейди О.Саттаров илажды жуўмақлап. - Кейинги 30 жыл ишинде мәмлекетлеримиз ғәрезсиз ҳәм суверен мәмлекетлер сыпатында өз-ара қатнасықлардың жаңа бетин ашты. Халықларымыз арасындағы дослық ўақыт сынақларынан өтти. Енди болса бирге ислесиў раўажланыўдың жаңа басқышына көтерилди. Биз бәрқулла көп әсирлер алдын тийкар салынған жақсы қоңсышылық қатнасықларын сақлап келгенбиз. Ең әҳмийетлиси, мәмлекетлеримиз барлық тараўларда қатнасықларды кеңейтиў ҳәм беккемлеў зәрүр екенлигин дәлилледи. Еки мәмлекет басшыларының турақлы рәсмий сапарлары, олардың турақлы ҳәм тығыз сөйлесиўи бул жумысқа түртки береди. Тәжикстан ҳәм Өзбекстан мәңги дослық ҳаққындағы шәртнамаға қол қойды, бул қатнасықларымыздың дәрежесин раўажланыўдың пүткиллей жаңа басқышына алып шықты. Мәмлекетлик шегара ҳаққындағы шәртнамаға қол қойыў тарийхый әҳмийетке ийе болды, деп айтыў мүмкин. Нәтийжеде, жүдә жыллы қатнасықлар орнатылды, барлық тараўларда жумыс ислеў ушын қолайлы шараятлар жаратылды.
Конференция қатнасыўшылары атап өткениндей, алдымызда еле әмелге асыратуғын жумысларымыз көп, бул ҳүрмет ҳәм өз-ара түсинисиўге тийкарланған келешектеги алмасыўлар, бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм ашықтан-ашық сөйлесиўди нәзерде тутады.
Сабина АЛИМОВА



