Мақала авторы Александр Томпсон Өзбекстан Президентиниң усы жыл 5-сентябрь күни АҚШ Президенти менен телефон арқалы сөйлесиўиниң даўамы сыпатында.
Бурын хабар етилгениндей, Президент Шавкат Мирзиёев телефон арқалы сөйлесиў ўақтында Дональд Трампты "қолайлы ўақытта" Өзбекстанға сапар менен келиўге мирәт еткен еди. Соның менен бирге, Вашингтондағы дереклер «Eurasianet» ке 9-сентябрь күни Орайлық Азияға сапар етиў бойынша еле қарар қабыл етилмегенлигин мәлим етти, деп жазбақта "Дунё" МА.
"Өзбекстан Дональд Трамптың екинши мүддетинде де Ақ үй менен байланысларды жолға қойыў бойынша Орайлық Азиядағы ең белсенди мәмлекет сыпатында көринеди ҳәм жақында Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўи Өзбекстанның усындай басламаларының избе-излигин даўам еттиреди", делинеди мақалада. - Апрель айында Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов басшылығындағы Өзбекстан делегациясы Ақ үйге рәсмий мирәтнама тапсырды. АҚШтың Өзбекстандағы елшиси Жонатан Хеник өзбекстанлы журналистлерге мирәт етиў "унамлы қабыл етилгенин" мәлим етти.
Атап өтилиўинше, Өзбекстан әҳмийетли пайдалы қазылмалардың үлкен резервлерин жедел алға қоймақта - бул Трамптың тийкарғы бағдарларынан бири. Атап өтилиўинше, апрель айында Өзбекстан делегациясы АҚШ компаниялары менен таў-кән санааты тараўында бир қатар келисимлерге қол қойған.
"Президент Шавкат Мирзиёев 2018-жылы, Дональд Трамптың биринши мүддети ўақтында да рәсмий сапар менен Ақ үйге барған, ол Өзбекстан жетекшисин "жоқары ҳүрметке ийе адам" деп атаған еди", деп жазады автор.
Басылымның айрықша атап өтиўинше, Орайлық Азия - АҚШтың әмелдеги президенти бир мәрте де бармаған дүньядағы бирден-бир регионы екен.