Бул тақыя Әндижан ўәлаятының өнерментшилик дәстүрлери, кестешилик мектеби ҳәм мәдений белгилерине тийкарланған болып, халық арасында өзине тән ҳүрмет ҳәм абырайға ийе.
Географиялық көрсеткиш сыпатында дизимнен өткерилиўи:
Әндижан тақыясының келип шығыў дәрегин белгилейди, сондай-ақ, оның сапасы ҳәм мәдений қунын ҳуқықый жақтан қорғайды.
Еслетпе: Географиялық көрсеткиш - бул өнимниң белгили бир аймаққа тән екенлиги ҳәм сол аймақ тәбийғый, инсаный, тарийхый факторлары менен байланыслы айрықша сапаларға ийе екенлигин билдиретуғын интеллектуаллық мүлк объекти болып есапланады.