Әндижан халықаралық аэропорты 20-март күнинен ашылады

    18 наурыз 2025 938

    Әндижан аэропорты 20-марттан турақлы жолаўшы қатнаўларын қабыл ете баслайды.

    Атап өтилиўинше, биринши рейс Ташкент - Әндижан - Ташкент жөнелиси бойынша әмелге асырылады.

    Усы жылдың 18-март күни "Silk Avia" УС601/УС602 рейслери ушын билетлер сатылыўы басланған ҳәм олар АТР-72-600 самолётларында сийшемби ҳәм пийшемби күнлери төмендеги кестеге муўапық әмелге асырылады:

    - Ташкенттен жөнеп кетиў 11:20, Әндижанға жетип келиў 12:20;

    - Андижаннан жөнеп кетиў саат 13:00, Ташкентке жетип келиў саат 14:00.

    Келешекте Әндижан аэропортына халықаралық рейслерди қайта жолға қойыў да режелестирилген.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates