Баҳасы 146 миллион долларды қураған жойбар "China International Camce" компаниясы тәрепинен әмелге асырылмақта.
Илажда ўәлаят ҳәкими Шуҳратбек Абдураҳмонов, нуранийлар, шөлкем басшылары, тараў ўәкиллери қатнасты.
Бул жойбар Қытай Халық Республикасы менен еки тәреплеме бирге ислесиўдиң әмелдеги нәтийжеси болып, 2025-2027-жыллар даўамында толық пайдаланыўға тапсырылыўы күтилмекте.
"Бүгин бизиң тийкарғы ўазыйпамыз - мине усындай ири ҳәм стратегиялық әҳмийетке ийе жойбарларды әмелге асырыў ушын жаратылған имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланыў. Ўәлаятымыздың турақлы экономикалық өсиўине тийкар жаратыў болып есапланады", - дейди Шуҳратбек Абдураҳмонов.








