"Өзсуўтәмийнат" АЖ сертификаты өтип кеткен суў өлшегишлерден пайдаланыў тәртибин түсиндирди

    Социаллық турмыс 14 қараша 2025 410

    Буннан алдын "Новатор ЛК" ҳәм "Эко Ном" сыяқлы бир қатар суў өлшегиш моделлериниң муўапықлық сертификатларының мүддети өтип кеткени ҳаққында хабар берилген еди. Сонлықтан оларды сатып алыў, орнатыў ҳәм жаңа әсбап сыпатында пайдаланыў қадаған етилди.

    Бирақ сертификатлардың әмел етиў дәўиринде алдын орнатылған ҳәм пломбаланған суў өлшегишлерге бул шеклеў қолланылмайды. Бундай әсбаплар нызамлы тийкарда пайдаланыўға тапсырылған болып есапланады ҳәм оларды орнатыўда хызмет етиў мүддети есапқа алынған.

    Абонентлер көрсетилген моделлердеги алдын орнатылған суў өлшегишти алмастырыўға мәжбүр емес.

    Бундай жағдайларда жәрийма, қайта есаплаў ҳәм басқа да жуўапкершилик шаралары қолланылмайды.

    Бунда мәлимлеме танысыў мақсетинде тарқатылады. Абонентлерге жасалма ямаса тастыйықланбаған суў өлшегишлерди сатып алыўға жол қойылмайтуғыны еслетиледи.

    "Өзсуўтәмийнат" АЖ тутыныўшыларға жаңа суў есаплағышларды сатып алыўда төмендегилерге итибар бериўди усыныс етеди:

    әмелдеги муўапықлық сертификаты;

    мәмлекетлик муўапықлық белгиси.

    Сондай-ақ, кәрхана абонентлерди ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба суў системасына байланыслы исенимли мағлыўматларды тек ғана "Өзсуўтәмийнат" АЖның социаллық тармақлардағы рәсмий бетлери ҳәм Telegram мессенджеринен алыўға шақырады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates