Тамшы тәғдири: Суў кетип атыр, биз ше?

    Пикир 30 сәуір 2025 146

    Бул ҳаққында жазбасам болмайды. Себеби, усы ўақытқа шекем бул тема бойынша терең ойланбаған, анығырағы, бундай ойланыўға мәжбүрлейтуғын ўақыяны өзимде сезинип көрмеген екенмен.

    Жасап атырған үйимде қысқа оңлаў жумысларын иследик. Уста ыссы ҳәм суўық суў тармақларын сазлаў ушын трубаларды жаңалаў кереклигин айтты. Ыразы болдым.

    "Тек ғана бир күн ўақыт кетеди, суўды тармақтан үзип тураман", деди.

    "Берекет тап, оңлап берсеңиз болды", деп базардан керекли затларды алып келиўге асықтым.

    Дем алыс күни, уста жумысқа киристи, мен жәрдемши болдым. Олардың жумысы да қыйын екен, дәслебинде салдамлы кирискен едим, түске шамалас ҳалдан тайдым. Кейин зериктирмеў ушын гәпке пәт бердим. Үйде балалар бар, бирим-бирим ҳәжетханаға кире баслады.

    Суўық суў өширилген, қоңсыдан суў алып, ҳәжетхана бочогын толтырып қойдым. Дәслеп еки-үш мәрте алып келгенимде билинбеди. Кейинги сапары 10 литр суў менен суў ыдысын толтырдым, балам кирип шықты ҳәм түймени басты, бир дегенде 10 литр суў ағып кетти.

    Және 10 литр суў алып келип қуйдым ҳәм түймени бастым. Буны саналы түрде көз алдымызға келтириў мүмкин емес: бир минутта суў ағып кетти. Басым қаттыға аўырды. Үйге ишиў мақсетинде 10 литр суў алып келип қояман, сөйтип, пайдаланыў ушын, балалар суў десе ише береди. Бир ҳәпте ишемиз. Ҳәзир болса сол 10 литр суўды бир дегенде түймени басып, жарамсыз ҳалға шығарып жибердим. Суў кетти, мен болсам...

    Ҳақыйқатында да, суў инсан өмири, тәбият ҳәм экономиканың тийкарғы дәреги болып есапланады. Оның альтернативасы жоқ. XXI әсирде глобал климат өзгериўи, халық санының өсиўи ҳәм санааттың раўажланыўы менен байланыслы таза ишимлик суў мәселеси пүткил дүньяда кең көлемли экологиялық ҳәм социаллық машқалаға айланды. Әсиресе, қурғақ климатқа ийе ҳәм трансшегаралық суў дәреклерине байланыслы болған мәмлекетлерде бул машқала және де әҳмийетли түс алмақта.

    Халықаралық метеорология шөлкеминиң есап-санақларына бола, 2050-жылға барып Жер жүзи халқының 5 миллиарды ишимлик суўынан жетерли дәрежеде пайдалана алмай қалыўы мүмкин. Тек ғана 2018-жылы 3,6 миллиард адам кеминде бир ай ишимлик суўысыз қалған. Бул есабат 20 дан аслам халықаралық шөлкем ҳәм илимий орай тәрепинен берилген жуўмақлар тийкарында исленген. Ол келтирип атырған санлар қаншелли қәўетерли екенин көриў мүмкин.

    Бизлер елеге шекем жетерли дәрежеде көз алдымызға келтире алмай атырған трагедияны мысаллар менен тийкарлаўға ҳәрекет етемен. Мәселен, санаатласыўға шекемги дәўирден баслап ҳәзирги күнге шекем ығаллы аймақлардың 80 проценти жоқ болып кеткен. Сондай-ақ, соңғы 20 жылда ишимлик суў резерви ҳәр жылы бир сантиметрге азайып бармақта. Бунда жаўын-шашын, жер асты ҳәм жер үсти суўлары, музлықларды қосып есаплаў да киреди. Қурғақшылықтың даўамлылығы соңғы 20 жылда 29 процентке артқан.

    Суўсызлық көплеген мәмлекетлер ушын тийкарғы машқалаға айланып үлгерди. Әсиресе, Африка ушын бул аўыр кешиўи күтилмекте. Ҳәзир 2 миллиардтан аслам инсан суў тамтарыс мәмлекетлерде жасайды, олар ишимлик суўы ҳәм канализация машқаласынан қыйналмақта.

    Мәмлекетимизде болса суў ресурсларының үлкен бөлеги Әмиўдәря ҳәм Сырдәря есабына туўра келеди. Ишки суў дереклери шекленген, тийкарынан, жер асты суўлары ҳәм мәўсимлик ағыслардан ибарат. Ишки суў ресурслары жылына шама менен 15-16 миллиард куб метрди қураса, улыўма суўдың жумсалыўы 50 миллиард куб метрден артып кетеди.

    Бул жағдай мәмлекетти сыртқы дереклерге ғәрезли етип қояды. Сол себепли суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, оларды үнемлеў ҳәм қайта тиклеў бүгинги күнниң ең әҳмийетли ўазыйпаларының бирине айланған.

    Географиялық жайласыўы ҳәм аймақлардың бөлистирилиўине бола, Өзбекстанның аймақлары бойынша ишимлик суўы жетип барыў дәрежеси оғада сәйкес емес. Суў хожалығы министрлигиниң 2023-жылғы мағлыўматларына бола, улыўма халықтың 27 проценти таза ишимлик суўы менен турақлы тәмийинленбеген. Әсиресе, Қарақалпақстан Республикасы, Жиззақ, Қашқадәрья ҳәм Наўайы ўәлаятларында суў тәмийнаты машқалалары халықтың турмыс дәрежесине унамсыз тәсир көрсетпекте.

    "Өзсуўтәмийнат" баслығының орынбасары Хуршид Раҳматуллаев усы жылдың февраль айында өткерилген баспасөз әнжуманларының биринде атап өткениндей, бизде стандарт талаплары бираз жоқары, яғный ақаба суў системаларынан тасланатуғын суўға талап үлкен. Европа ямаса бир қатар раўажланған мәмлекетлерде тазаланған ақаба суў теңиз, дәрья яки океанға жибериледи. Сол себепли оларда бул талаплар бираз төмен. Бизде болса ақаба суўлар, тийкарынан, жерге ямаса кейин ала пайдаланылатуғын дәрьяларға ағызылады. Бул мәселеде дурыс ҳәм жақсы мәнистеги пикир-таласлар болып атыр. Бул да жойбарларды өз ўақтында әмелге асырыўға белгили дәрежеде тәсир етеди.

    Қарақалпақстанда халықтың тек ғана 40 проценти орайласқан ишимлик суў тармағына жалғанған. Бул аймақта Арал апатшылығы себепли жер асты суўының шорланыўы ҳәм қәўипли элементлер менен патасланыўы халықтың денсаўлығына қәўип туўдырады.

    Наўайы ўәлаятында көп аўыллар суў дереклеринен узақта жайласқан, көпшилик жағдайларда халық суўды систерналарда алыўға мәжбүр болады. Бул тек ғана техникалық машқалалар емес, ал санитариялық ҳәм гигиеналық қәўиплерди де келтирип шығарады.

    Жақында фейсбукта Саидахон исмли пайдаланыўшының бир постына көзим түсип қалды. Қызылтепа районындағы Яккатут аўылында жаз мәўсиминде ишимлик суў табыў үлкен машқалаға айланады. Халық ҳәр күни белгиленген ўақытта келетуғын автосистернадан суў алады екен.

    "Соңғы еки жылда суў сапасыз келип атырғанын сездик. Балаларымды қайнатылған суў менен жуўындыраман. Жылына еки мәрте ҳәжетхананың суў ағызыў системасын оңлаўға мәжбүр боламыз, себеби қурғақшылық үстине инженерлер де жетиспейди", деп жазады ол.

    Бул постқа мүнәсибет тәризинде болмаса да "Өзсуўтәмийнат" баслығының орынбасары Хуршид Раҳматуллаевтың "2035-жылға барып республика бойынша орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинлениў дәрежесин 95 процентке жеткериў режелестирилген. Қалған 5 проценти алыс ҳәм таўлы ямаса тармақ тартыў жумыслары техникалық ҳәм экономикалық жақтан өзин ақламайтуғын аймақларға туўра келеди. Оларға альтернатив дәреклер, яғный суў тасыўшы машиналар менен ямаса орнында суў тәмийнатын тәмийинлеў илажлары көриледи", деген мағлыўматты қосымша етип қойыўды мақул таптық.

    Экспертлердиң қосымша етиўинше, инфраструктура ҳәм материаллық ресурслардың жетиспеўшилиги, сондай-ақ, жетерли дәрежеде қаржыландырыў болмағаны себепли бул аймақларда ишимлик суўы машқаласы узақ жыллар даўамында шешилмеген.

    - 2025-2030-жылларда республика бойынша дерлик 45 мың километрден аслам ишимлик суў тармағы тартылып, 1,8 мың объект қурылысы ҳәм реконструкцияланыўы режелестирилмекте. Соның менен бирге, халықты үзликсиз түрде сапалы ишимлик суўы менен тәмийинлеў мақсетинде ири қалаларымызда мәмлекетлик бюджет ҳәм халықаралық финанс институтларының қаржылары есабынан бир қатар жойбарлар әмелге асырылады, - дейди "Өзсуўтәмийнат" АЖ басқарма баслығы ўазыйпасын атқарыўшы Аҳмад Сувонқулов.

    Жергиликли инженер ҳәм эксперт Шерали Отахонов былай жазады: "Егер биз суў тармақларындағы шығынларды азайтыў, пайдаланыўда автоматластырылған системаларды енгизиў ҳәм мониторингти күшейтиўди еплесек, халықтың үлкен бөлеги қосымша түрде суў менен тәмийинлениўи мүмкин".

    Суў жетиспеўшилигиниң тийкарғы себеплери

    Суўсызлық ҳәм қурғақшылық дегенде көз алдымызға бирден Африка келеди. Қуўраған жер сүўрети көз алдымызда мөрленип қалған. Ҳәзирше басқа мәмлекетлердеги суўсызлықты бул көриниске теңлестирип болмайды. Бирақ Африкадағы сыяқлы қурғақшылықтан басқа жерлер зыян көрмейди, деў жүдә қәте болады. Мәселен, Бразилия өз тарийхындағы ең ири қурғақшылықты басынан өткермекте. Бул болса, өз гезегинде, оның энергосистемасына да тәсир көрсетеди. Себеби мәмлекеттеги тийкарғы электр энергиясы гидроэлектростанцияларда ислеп шығарылады. АҚШтың Калифорния штатында қурғақшылық себепли кең көлемли тоғай өртлери бақланбақта. Сондай-ақ, Австралия, Франция, Түркия сыяқлы мәмлекетлерде де қурғақшылық, ыссы ҳаўа райы себепли ўақты-ўақты менен тоғай өртлери жүз бермекте.

    Өзбекстанда болса суў тамтарыслығының бир неше тийкарғы факторлары бар. Бириншиден, климат өзгериўи себепли жаўын-шашын азайыўы ҳәм жаз мәўсими ыссырақ ҳәм қурғақлаўы суў дәреклериниң қурып кетиўине алып келмекте. Бул жағдай суўғарылатуғын жерде өнимдарлықты төменлетеди ҳәм халық ушын ишимлик суў резервин азайтады.

    Екиншиден, аўыл хожалығында суўдың 70-80 проценти канал ҳәм салмалар арқалы жеткерип бериледи, бул болса жоғалтыўлардың үлкен бөлегин қурайды. Қәнигелердиң баҳалаўынша, суўғарыў процесиндеги суў жоғалтыўлары 35-40 процентке жетеди. Мәселен, Ферғана ойпатлығындағы суў каналлары 50 жылдан аслам ўақыт бурын қурылған, оларда изоляция ямаса заманагөй қадағалаў механизми жоқ.

    Үшиншиден, суў ресурсларының тийкарғы бөлеги (85 процент) трансшегаралық дәреклерге байланыслы. Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Аўғанстан аймақларынан басланады. Бул мәмлекетлер тәрепинен қурылып атырған жаңа ГЭСлер ҳәм суў сақлағышлар Өзбекстанға келетуғын суў ағымын азайтыўы мүмкин.

    Төртиншиден, халықтың өсиўи ҳәм урбанизация процесслери де суў жетиспеўшилигине алып келмекте. Өзбекстан халқы тек ғана 2025-жылдың ҳәр бир айында орташа 51,5 мың адамға көбеймекте. Бул болса суўға талапты арттырып атыр.

    Эколог ҳәм инженер Дилфуза Раҳимова былай дейди: "Суўды үнемлеў технологияларын енгизиў - биздеги ең үлкен талап. Егер биз тамшылатып суўғарыў, қайта ислеў ҳәм интеллектуал басқарыў системаларын кеңнен қоллансақ, суўдан пайдаланыўда 30 процентке шекем нәтийжелиликке ерисиўимиз мүмкин".

    Халықаралық тәжирийбе: суў жетиспеўшилигине қарсы илажлар

    БМШтың суў комитети ҳәм UNESCO менен биргеликте таярланған есабатларға бола, 2050-жылға барып суўға талап 20-30 процентке өсиўи болжанған. Буның себеби болса демографиялық өсиў, экономикалық раўажланыў, тутыныў тәризиниң эволюциясы есапланады. Ҳәзир суў тамтарыслығы қәўпи жоқарылығынша қалмақта. Себеби суў ресурслары жаман басқарылмақта.

    "Ҳәкимият ҳәм кең жәмийетшиликти хабардар етиў ушын жуўапкер болған миллий метеорология ҳәм гидрология хызметлериниң 60 проценти суў секторы ушын климат хызметлерин көрсетиў имканиятына ийе емес", деп есаплайды Халықаралық метеорология шөлкеминиң қәнигеси Петтери Таалас. 2018-жылдан берли суў ресурсларын басқарыў нәтийжелилиги улыўма 10 процентке жақсыланған болса да, талланған 166 мәмлекеттен 26 сында төменлеген. "107 мәмлекет еле де 2030-жылға барып суў ресурсларын турақлы басқарыўға ерисиўдиң дурыс жолында емес", деп қәўетерин билдирген Петтери Таалас.

    Европа мәмлекетлеринде де аўыл хожалығындағы ысырап болып атырған душшы суў қорлары үлкен машқала есапланады. Европа есап палатасының есабатында атап өтилиўинше, Европа аўыл хожалығы сиясаты суўдың зая болыўына себеп болмақта. Себеби тийкарғы қаржыландырылатуғын өнимлер гүриш, ғоза ҳәм мийўе-овош сыяқлы суўды көп талап ететуғынлар болып есапланады. Сондай-ақ, бул өнимлер жетистирилетуғын аймақлар да суў тамтарыс жерлерге туўра келеди.

    Мақала жазыў процесинде бул тема бойынша бир қатар мәмлекетлердиң тәжирийбесине итибар қаратыўға туўра келди.

    Сингапурда ҳәр бир жаўын тамшысы мәмлекет экономикасы ушын қәдирли есапланады. Бул жерде “NEWater” деп аталатуғын суўды қайта ислеў бағдарламасы болып, пайдаланылған суў арнаўлы системалар арқалы тазаланып, жақсы сапада қайта пайдаланыўға бағдарланады. Усы тәризде Сингапур өз талабының 40 проценттен асламын қайта исленген суў арқалы тәмийинлейди.

    Австралияда қурғақшылыққа қарсы миллий стратегия қабыл етилген болып, онда аймақлық суў резервлери, орайласпаған системалар, суў баҳаларын базар механизмлери тийкарында белгилеў ҳәм жәмийетшилик қатнасыўы сыяқлы усыллар қолланылмақта.

    БМШ ҳәм Жәҳән банки сыяқлы халықаралық шөлкемлер суў ресурсларын нәтийжели басқарыў, аймақлараралық бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм инвестиция тартыў арқалы аз суўлы мәмлекетлерди қоллап-қуўатламақта. Халықаралық эксперт, доктор Ларс Петерсен былай атап өтеди: "Өзбекстан суў машқаласын шешиў ушын регионаллық шериклик, алдынғы технологиялар ҳәм билимлендириўди биргеликте енгизиўи зәрүр".

    Ишки реформалар ҳәм мәмлекет сиясаты

    Мәмлекетимизде соңғы жыллары ишимлик суўы менен байланыслы машқалаларды шешиў мақсетинде бир қатар мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм халықшыл реформалар әмелге асырылмақта. Президентимиздиң 2020-жыл 10-июльдеги пәрманы менен Өзбекстан Республикасы суў хожалығын раўажландырыўдың 2020 - 2030-жылларға мөлшерленген концепциясы тастыйықланды. 2023-жыл 11-сентябрьде "Өзбекстан - 2030" стратегиясы ҳаққында"ғы пәрман қабыл етилип, Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын әмелге асырыў процесинде арттырылған тәжирийбе ҳәм жәмийетшиликтиң додалаў нәтийжелери тийкарында ислеп шығылған "Өзбекстан - 2030" стратегиясы тастыйықланды.

    "Өзбекстан - 2030" стратегиясының 5 тийкарғы бағдарынан үшиншиси әйне суў ресурсларын үнемлеў ҳәм қоршаған орталықты қорғаўға бағышланды.

    Мәмлекетимиз басшысы усы жыл 17-март күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде усы жылы 1 мың 619 километр ишимлик суўы, 521 километр ақаба суў тармағын тартыў, системадағы 162 объектти қурыў ҳәм реконструкциялаў режелестирилгенин атап өтти. Нәтийжеде 715 мың халыққа биринши мәрте таза ишимлик суўы жетип барады, 135 мың шаңарақ ақаба суў тармағына жалғанады, 157 мың тутыныўшыға заманагөй есаплағыш орнатылады.

    Өзбекстан Президентиниң Францияға быйылғы сапары шеңберинде Сурхандәрья ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларында ишимлик суўы бойынша 340 миллион евролық 3 жойбар келисилген еди. Францияның “Suez” компаниясы Денов, Шўрчи, Сариосиё ҳәм Қумқорғандағы ишимлик суў тәмийнатын жеке меншик басқарыўға алмақта. Нәтийжеде ўәлаятта орайласқан ишимлик суўы менен қамтып алыў 90 процентке жетиўи күтилмекте.

    Сондай-ақ, тараўды санластырыў бойынша сезилерли жумыслар исленбекте. Оның ушын Азия раўажланыў банкинен 125 миллион доллар тартылыўы белгиленген. Бес жылда ири суў объекти ҳәм магистраль қубырларға 4 800 "ақыллы" есаплағыш, 2 800 телеметрия системасын орнатыў нәзерде тутылған. Бул жақын келешекте шығынларды азайтыў ҳәм ресурслардан нәтийжели пайдаланыў имканиятын береди.

    Әлбетте, бундай санлар инсан өмириндеги ең әҳмийетли талап - таза ишимлик суўы менен халықты тәмийинлеў келеси жылларда сезилерли дәрежеде артыўынан дәрек береди. Бирақ мәселениң және бир әҳмийетли тәрепи, экологиялық билимлендириў ҳәм халық арасында ағартыўшылық жумысларын да кеңнен жолға қойыў мақсетке муўапық болады.

    Дурыс, мектеплер ҳәм жоқары оқыў орынларында суўды үнемлеў, оннан мақсетли пайдаланыў бойынша сабақлар киргизилген. Халық арасында аз суў жумсайтуғын үскенелерди қолланыў бойынша субсидиялар ҳәм үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

    Соған қарамастан, ҳәр күни сарыпланып атырған суў көлеми, әсиресе, бийкарға ағып атырған суў муғдары соншелли үлкен, оны киши санларда көрсетиў мүмкин емес.

    Әпиўайы ғана өз ўақтында оңланбаған суў қурылмалары ямаса үлкен муғдардағы жер астынан атлығып шығып атырған суўды жаўып қойыў ушын бурғылар орнатылмағаны ямаса егинди надурыс суўғарыў сыяқлылар да машқаланың көлемин барған сайын күшейтип атыр.

    Суў жетиспеўшилиги тек ғана экономикалық емес, ал экологиялық ҳәм социаллық жақтан да аўыр ақыбетлерге алып келмекте. Қарақалпақстан ҳәм Хорезмде Арал теңизиниң қурыўы менен байланыслы экологиялық апатшылық климаттың ысыўына, жерлердиң шорланыўына ҳәм биокөптүрлиликтиң жоқ болыўына себеп болды. Бул, өз гезегинде, халықтың саламатлығы, зүрәәтлилик ҳәм жасаў шараятымызға үлкен тәсир көрсетпекте.

    Қәнигелердиң пикиринше, суў дәреклериниң қурыўы ҳайўан ҳәм өсимликлердиң турмыс тәризине унамсыз тәсир етпекте. Сырдәрья ҳәм Әмиўдәрья бассейнлериндеги балықлар популяциясы кескин азайған, шөллениў процесслери болса жаңа аймақларды қамтып алмақта.

    Өзбекстанда ишимлик суў машқаласын нәтийжели шешиў ушын комплексли қатнас зәрүр. Буның ушын техникалық, шөлкемлестириўшилик, ҳуқықый ҳәм билимлендириў тараўларында бир қатар илажлар әмелге асырылыўы керек.

    Бәринен бурын, суў тәмийнаты инфраструктурасын жаңалаў ҳәм модернизациялаўға үлкен итибар қаратыў керек. Ески ҳәм нәтийжесиз тармақларды заманагөй, изоляцияланған қубырлар менен алмастырыў, тамшылатып суўғарыў ҳәм қайта ислеў системаларын енгизиў талап етиледи.

    Екиншиден, халықты суўды үнемлеўге үйретиў ҳәм бул бойынша кең көлемли үгит-нәсиятлаў зәрүр. Жоқары ҳәм орта билимлендириў мәкемелеринде суў ресурсларын қорғаў темасын мәжбүрий пән сыпатында киргизиў, ғалаба хабар қураллары арқалы үгит-нәсиятлаў жумысларын күшейтиў керек.

    Үшиншиден, суў ресурсларын басқарыўда санластырыў ҳәм жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланыў зәрүр. Геомәлимлеме системалары, сенсорлы мониторинг, автоматластырылған есаплағышлар арқалы суўдан нәтийжели пайдаланыўға ерисиў мүмкин.

    Ишимлик суў машқаласы Өзбекстан ушын тек ғана экологиялық емес, ал социаллық, экономикалық ҳәм сиясий әҳмийетке ийе актуал мәселе болып табылады. Бар ресурслардан үнемли пайдаланыў, заманагөй технологияларды енгизиў, экономикалық механизмлерди иске қосыў ҳәм халықты хабардар етиў машқаланы шешиўде тийкарғы факторлар болып есапланады.

    Дүнья тәжирийбеси көрсетип атырғанындай, суў тамтарыслығына қарсы гүресиўде мәмлекет, жәмийет ҳәм жеке меншик сектордың бирге ислесиўи, избе-из реформалар ҳәм инновациялық көзқараслар тийкарғы рол атқарады. Мәмлекетимизде бул бағдардағы ҳәрекетлер күшейтилмекте ҳәм бул процессте алдыңғы әмелиятларды енгизиў, халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў үлкен әҳмийетке ийе.

    Ишимлик суўының бир тамшысы әпиўайы тәбийғый ресурс емес, ал инсан өмири, балалардың саламатлығы, ана ўатан келешеги менен тығыз байланысқан қәдирият болып есапланады. Егер бүгин суўдың қәдирин билмесек, ертең ҳәр бир күнимиз аманат болып қалыўы мүмкин.

    Суў кетип атыр. Биз ше? Биз үндемей жасай бериўди таңлаймыз ба? Ямаса ҳәр биримиз - пуқара, ҳәмелдар, шаңарақ, жаслар - өз мойнымыздағы жуўапкершиликти аңлап, суў ушын жуўапкершиликти сезе баслаймыз ба?

    Тамшыда өмир жасайды. Оны сақлаў тек ғана мәмлекеттиң емес, ал ҳәр биримиздиң миннетимиз. Себеби ертең перзентимиз суў емес, өмирди излеўге мәжбүр болмаўы ушын бүгин ҳәрекет етиўимиз керек.


    Абу Бакир ЎРОЗОВ,

    журналист

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates