Бул жаңа тапсырмалар ҳәм экономика тармақларының раўажланыўы ушын белгиленген мақсетлер тек ғана санлар ҳәм көрсеткишлерден ибарат емес, ал олардың артында халқымыздың абаданлығы, фермер ҳәм исбилерменлер ушын жаратылған жаңа имканиятлар және заманагөй технологиялардың әмелиятқа енгизилиўин көриў мүмкин.
Аграр тараў тек ғана экономика тармағы емес, керисинше, турмыс тамыры, елдиң ырысқы-несийбеси, халық абаданлығының беккем таянышы болып есапланады. Усы мәнисте, бүгин аўыл хожалығындағы реформаларды заман менен үнлес раўажланыўға қарай қойылған мәртлик қәдемлер, десек қәте болмайды. Усы тараўға байланыслы ҳәр бир қарар, ҳәр бир жаңа баслама атызларда өнген зүрәәт сыяқлы келешекке болған исенимди және де беккемлемекте.
Аўыл хожалығының 2026-жыл ушын өсиў прогнозы 4,2 процент етип белгиленген еди. Бирақ қосымша имканиятлар ҳәм ресурслар терең талланып, ҳәзирги потенциал қайта есап-санақ етилди. Нәтийжеде усы жылы тараўдағы өсиў пәтин 6 процентке жеткериў белгиленди. Бул 571 триллион сумлық жалпы өним көлеми, қосымша 32 триллион сумлық өсим дегени.
Әлбетте, буған ерисиў өз-өзинен болмайды. Буның артында мыңлаған пидайы фермерлер, мийнеткеш дийқанлардың тынымсыз мийнети, тараўдағы илимпаз ҳәм изертлеўшилердиң жаңа сортлар селекциясы, инновациялық қолланбалар, заманагөй технологияларды әмелиятқа енгизиў, раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесин өзлестириў және илимий қатнасларды әмелиятқа енгизиў сыяқлы исенимли реформалар тур. Бирақ бүгинги аграр реформалар жерге мүнәсибетти өзгерттирмекте, дийқан мийнетине жаңа мазмун бағышламақта. Илим жетискенликлери, санлы технологиялар, заманагөй техника ҳәм инновациялық қатнаслар аўыл хожалығын пүткиллей жаңа басқышқа алып шықпақта. Атыз ҳәм лаборатория, фермер ҳәм илимпаз, дәстүр ҳәм инновация - ҳәммеси бирден-бир мақсет жолында бирлеспекте.
Ҳәр бир тараўда қолға киргизилиўи керек болған шыңға шығып барыў, жаңа шеклерди ийелеўде аймақлардағы шараятлар, ишки ҳәм пайдаланылмаған имканиятларды есапқа алыў әҳмийетли. Сонлықтан, ислеп шығылған прогнозларда ҳәр бир аймақтың "өсиў ноқатлары", пайдаланылмаған имканиятлары ҳәм қосымша дәреклерин есапқа алыўға айрықша итибар қаратылды.
Бағдарлар бойынша алатуғын болсақ, усы жылы дийқаншылық өнимлери 262,8 триллион сумды, шарўашылық өнимлери 275,9 триллион сумды қураўы нәзерде тутылған. Тийкарғы 14 түрдеги өнимлер бойынша жоқары шеклер белгиленген. Соның ишинде, быйыл 11 миллион тонна дәнли егин, 4,5 миллион тонна пахта, 14,7 миллион тонна овош, 4,5 миллион тонна картошка, 3,5 миллион тонна палыз өнимлери, 3,8 миллион тонна мийўе жетистириў режелестирилген.
Бул көрсеткишлер елимизде азық-аўқат қәўипсизлигин буннан былай да беккемлеў, ишки базарда халықты сапалы азық-аўқат өнимлери менен үзликсиз ҳәм турақлы тәмийинлеў және экспорт потенциалын кеңейтиўге хызмет етеди.
Биринши шерек - жылдың тәғдирин шешиўши дәўир
Аграр тараўда жылдың биринши шереги әпиўайы үш ай емес. Бул дәўир ата дийқанлар жылдың қалай келетуғынын тәбияттағы ояныў процесслери ҳәм түрли есап-санақлар арқалы анықлап, таярлық көретуғын, соған қарап жақсы нийет пенен жерге берекет туқымы қадалатуғын, ҳәр бир қарыс жерде мийнет ҳәм үмит үйлесими көринетуғын ўақыт болып есапланады. Сонлықтан, бул дәўир - пүткил жылдың тәғдирин белгилейтуғын, режелерди әмелиятқа айландыратуғын, идеяларды зүрәәтке айландырыўға таярлайтуғын шешиўши басқыш.
Бул дәўирдеги ҳәр бир пидайы ҳәрекет, ҳәр бир алдынғы технология ҳәм ҳәр бир фермердиң умтылысы тек ғана өнимдарлықты арттырыў емес, ал мәмлекеттиң абаданлығы ҳәм халық турмысында турақлы раўажланыў ушын беккем тийкар жаратыўға хызмет етеди. Соның менен бирге, жылдың биринши шерегинде нәтийжесин айқын көрсетеди.
Сол себепли усы жылдың биринши шерегинде 55,8 триллион сумлық аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў (хызметлерин көрсетиў) нәзерде тутылған. Булар жыллық 6 процентлик өсиў шегине қарай исенимли қәдем болады.
Шарўашылық халықтың күнделикли талабын тәмийинлейтуғын ең әҳмиетли тармақлардан бири. Бүгин бул тараўда нәсилшиликти жақсылаў, от-жем базасын беккемлеў ҳәм санаатласқан фермерликти раўажландырыў бойынша көрилип атырған илажлар нәтийже бермекте. Әйне шарўашылық өнимлерин (гөш, сүт, мәйек) жетистириўдеги өсиў халықтың тутыныўындағы тийкарғы талапларды қанаатландырыўға хызмет етеди.
Овош ҳәм мийўе жетистириў көлеминиң артыўы болса бәҳәр айларында базарда өнимлердиң жетиспеўшилигиниң алдын алады.
Бүгин пахташылықтағы реформалар пахтаны шийки зат сыпатында жетистириўден баслап, жоқары қосымша қунлы өнимге айландырыўға шекемги пүткил шынжырды қамтып алмақта. Интенсив усыллар, заманагөй техника ҳәм илимий қатнаслар себепли пахташылық пүткиллей жаңа басқышқа көтерилмекте. Бул өзгерислер тек ғана зүрәәтлиликти арттырыў емес, ал елимиздиң жәҳән базарындағы бәсекиге шыдамлылығын беккемлеўге де хызмет етеди.
Ҳәзир 888 мың гектар ғаўаша майданларында интенсив егиў схемаларын енгизиўге таярлық көрилмекте. Соннан 500 мың гектарда жоқары зүрәәтли, шор ҳәм суўсызлыққа шыдамлы сырт ел сортларын егиў режелестирилген. Сондай-ақ, Синьцзян тәжирийбеси тийкарында 300 мың гектарда шигит егиў жумыслары шөлкемлестирилмекте. Механизация дәрежесин арттырыў ушын 800 пахта териў машинасы, 450 көп функциялы сеялка ҳәм 2000 басқа да агрегатларды сатып алыў жумыслары басланды.
Интенсив бағшылық - жоқары қунлы өнимлер дәреги
30 мың гектар жаңа интенсив бағ ҳәм жүзимзарлық жаратыў, 15 мың гектарын реконструкциялаў режеси шеңберинде биринши шеректе жер таңлаў, жойбарлаў ҳәм инфраструктура таярлаў жумыслары орынланады.
Жемис мийўелер - малина, ежевика, голубика ҳәм қулпынай жетистириў майданларын 1500 гектарға жеткериў бойынша әмелий қәдемлер қойылды. Бул өнимлер экспортқа қолайлылығы ҳәм жоқары баҳасы менен айрықша әҳмийетке ийе.
Өз орнында аўыл хожалығы санааты экспортын 4 миллиард долларға жеткериў мақсети шеңберинде биринши шеректе сыртқы базарлар менен шәртнамалар дүзиў, сертификатлаў процесслери жеделлестириледи. 555 миллион долларлық 16 жойбарды әмелге асырыў бойынша инвестициялық келисимлер басқышпа-басқыш турмысқа енгизиледи.
Санлы технологиялар избе-излиги
Санластырыў - басқарыў мәденияты ҳәм пикирлеўдиң жаңаланыўы болып есапланады. Жасалма интеллект, дронлар, электрон платформалар ҳәм мағлыўматларды таллаў арқалы жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў имканияты кеңеймекте. Енди ҳәр бир қарар сезимге емес, анық санлар ҳәм таллаўларға сүйенеди. Бул болса қәтелерди азайтыў, нәтийжелиликти арттырыў, ўақытты үнемлеўге жәрдем береди. Усы мәнисте, санлы аўыл хожалығы бүгинги күнниң ҳақыйқаты болып есапланады. Ол атызды лабораторияға, фермерди болса заманагөй менеджерге айландырмақта.
Биринши шеректе "Санлы аўыл хожалығы" бирден-бир интеграция платформасы иске қосылыўы нәтийжесинде 100 ден аслам хызмет ҳәм 30 дан аслам мәлимлеме системасы бирден-бир ноқатта бирлестириледи. Соның менен бирге, жасалма интеллект тийкарында мағлыўматларды таллаў, жер ҳәм суў ресурсларын басқарыў, егинлерди ақылға уғрас жайластырыў бойынша әмелий жумыслар басланды.
Дрон хызметлери жолға қойылып, 600 мың гектар майданда агротехникалық илажларды дронлар арқалы әмелге асырыўға тийкар жаратылады. Бул болса ўақыт ҳәм ресурс үнемлениўин тәмийинлейди.
Белгиленген тийкарғы ўазыйпалардан гөзленген тийкарғы мақсет өндирис пәтин ҳәм өнимдарлықты арттырыў және имканиятларды толық иске қосыў болып есапланады. Бул тек ғана жаңа жерлерди өзлестириў ямаса көлемин көбейтиў емес, ал ҳәр бир қарыс жерден нәтийжели пайдаланыў, заманагөй қатнас ҳәм анық реже тийкарында жумыс алып барыў дегени.
Ҳәзир есап-санақ системасын жетилистириў, төменги буўынларда жетистирилип атырған өним көлемин дурыс ҳәм ашық-айдын сәўлелендириў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта. Бул бағдарда Миллий статистика комитети менен биргеликте мағлыўматлардың анықлығы ҳәм исенимлилигин тәмийинлеў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Шереклик ўазыйпаларды вертикал басқарыў системасы тийкарында, жуўапкер шахсларды анық бириктирген ҳалда әмелге асырыў системасы жолға қойылды. Аймақлардағы бухгалтерия орайларын қайта оқытыў болса есап жүргизиў мәдениятын жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.
Ең әҳмийетлиси, аграр тараўда жасырын экономиканы сапластырыў бойынша кең көлемли илажлар көрилмекте. Бул арқалы өндиристиң ҳақыйқый көлеми, ресурслар ҳәрекети ҳәм дәраматлар ашық-айдын көринеди. Усы жылы елимизде халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў процесслериниң өткерилиўи болса тараў ушын жаңа имканият есиклерин ашты. Бул тек ғана өсиў пәтин тәбийғый тәмийинлеў емес, ал анық ҳәм пуқта есап-санақ тийкарында стратегиялық режелер дүзиўге беккем тийкар жаратты.
Бир сөз бенен айтқанда, усы жыл ушын белгиленген шеклер халықтың абаданлығына қаратылған үлкен бағдарлама болып есапланады. 6 процентлик өсиўди тәмийинлеў жылды аўыл хожалығы тараўында түпкиликли бурылыс дәўирине айландырады. Бүгинги күнде елимиз атызларында тек ғана егин емес, ал жаңаша пикирлеў, жаңаша қатнас жасаў, жаңа дәўир кейпияты ҳүким сүрмекте. Ең әҳмийетлиси, бул реформалардың артында инсан мәпи тур. Ҳәр бир шараят, ҳәр бир жаңа имканият - бул фермердиң дәраматы, халықтың дастурханындағы берекет, жаслардың аўылда қалып, заманагөй шараятта мийнет етиўи ушын жаратылған тийкар. Аграр тараўдағы өзгерислер аўылдың келбетин, турмыс тәризин ҳәм экономикалық орталықты түп-тийкарынан жаңаламақта.
Иброҳим АБДУРАХМАНОВ,
аўыл хожалығы министри