"Ақыллы" технологиялар менен ақылды ислетиў арқалы мүнәсибетте болыў керек

    Пикир 9 желтоқсан 2025 33

    Кешки ўақыт. Көп қабатлы үйдиң бесинши қабатында 11-класс оқыўшысы Азиз терезе жанында отыр. Қасында дәптер, телефон. Жақында жуўмақлаўшы имтиханлар, буннан тысқары реферат, презентация, инглис тилинен тапсырма...

    Әзиз сабырсызлық пенен телефонға үңилди. Чат айнасына сораў жазады, түймени басады. Бир неше секунд ишинде тәртипли текст, мысаллар, жуўмақлар менен "идеал" реферат пайда болады. Әзиз терең дем алды: Зор... Устазлары ҳайран қалады...

    Бундай жағдайға бүгин ҳәр қәдемде, ҳәр саатта, ҳәр минутта дус келиўимиз мүмкин. Себеби жасалма интеллект (ЖИ) бүгин турмысымызға жүдә тез кирип келмекте. Енди сораў: жасалма интеллект жаслар ушын имканият па, қәўип пе ямаса жаңа сынақ па?!

    Жақында мәмлекетимиз басшысының қатнасыўында пайтахтымызда болып өткен жасалма интеллект бойынша халықаралық форумда атап өтилгениндей, XXI әсирде мәлимлеме технологиялары ҳәм санластырыў ҳәр бир мәмлекеттиң раўажланыўының тийкарғы өлшеми сыпатында көзге тасланбақта. Жасалма интеллект енди тек ғана айырым тараўлар ушын емес, ал экономиканың барлық тармақлары, мәмлекетлик басқарыў ҳәм күнделикли турмыс тәризимизге терең кирип атырған фундаментал факторға, турмыслық зәрүрликке айланбақта.

    Биз жасалма интеллектти тек ғана технология сыпатында, яғный "программа", "сервис", "робот" сыпатында сүўретлеўге әдетленгенбиз. Тийкарында болса, ол бүгинги жаслар психологиясы, өзин-өзи аңлаў процеси ҳәм социаллық келешегине тәсир етип атырған әҳмийетли фактор болып есапланады. Бүгинги жас өспирим ҳәм студентлер қарар қабыл етиўди көбинесе интернет ҳәм ЖИ излеў айнасынан баслайды. Қызығыўшылықларын алгоритмлер усыныс етип атырған контент арқалы қәлиплестирмекте. Дүньяқарасын санлы майданда, көзге көринбейтуғын алгоритмлер "фильтринен" өткермекте.

    Жасалма интеллект оқыўшы ушын гейде "муғаллим", гейде "дос", гейде "мәсләҳәтши", гейде болса "таяр жуўаплар қоймаханасы"на айланбақта. Егер биз бул процести тек техникалық көз бенен көрсек, утыламыз. Егер оған психолог-тәрбияшы көзи менен қарасақ имканиятты және қәўипти көре аламыз.

    Енди "жаслар ЖИ дан өнимли пайдаланып атыр", деген сөздиң өзи жетерли емес. Тийкарғы мәнис "қалай пайдаланып атыр" деген сораўға жуўап.

    Бир түйме менен ашылатуғын есиклер

    Бурынлары класста бир сабақ, бир түсиник болатуғын еди. Биреў түсинер еди, биреў түсинбес еди. Түсинбегенлер әдетте өзин "әззи" сезер еди. Жасалма интеллект болса бир теманы ҳәр қыйлы усылда түсиндириўи, мысаллар менен шынықтырыўы, ҳәр бир оқыўшының ырғағына бейимлесиўи мүмкин. Бул оқыўда қыйынласқан балада өзине сәйкес усылды табыў, "мен түсинбеймен" деген ишки тамғаны әсте-ақырын жоғалтыў, өз бетинше оқыў ҳәм өзин басқарыў мәдениятының қәлиплесиўин аңсатластырады.

    ЖИ дурыс бағдарланса, ең шетки аўылдағы балаға да "дүнья дәрежесиндеги түсиндириў"ди алып келе алады. Нәтийжеде "мен ислей алмайман" деген қорқыў орнын "сынап көремен" деген исеним ийелейди. Бул тек ғана техникалық өзгерис емес, психологиялық бурылыс - жаслар ишиндеги дөретиўшилик энергияны иске қосыў имканияты болып есапланады.

    Көринбейтуғын көпир

    Бүгин сөзди текстке, текстти даўысқа айландыратуғын системалар, автоматикалық субтитрлер, визуал сыпатлап бериўши программалар - булардың ҳәммеси ЖИ жәрдеминде ислемекте. Ол көзи әззи, еситиўде кемшилиги бар ямаса майыплығы болғанлар ушын сабақты түсиниў, тапсырмаларды орынлаў, дүнья менен пикирлесиў ушын реал көпир болып хызмет етпекте. Руўхый жақтан өзин сынап көриў, қорқыўды азайтыў, келешегин көз алдына келтириўди аңсатластырып атыр.

    Және бир қызық тәрепи, ЖИ көбинесе сораў менен жуўап береди. Бул болса ишки рефлексия, өзи ҳаққында ойлаў, өзин бақлаў көнликпелерин күшейтиўи мүмкин.

    Орнымызға ол "ойлай басласа..."

    ЖИ ның ең үлкен қәўипи ҳәдден тыс қолайлығы болып табылады. Бүгин қандай да бир текстти өзимиз оқыўымыз, жазыўымыз мүмкин. Бирақ "ақыллы технология" бул процессти бир заматта орынласа, өз-өзинен ериншеклигимиз басланады. Нәтийжеде жазыспаларды, аналитикалық есабатларды, ҳәттеки қарар қабыл етиўге байланыслы текстлерди де оған тапсырып қоя алмайсыз. Соның менен мий сораў қойыўдан, дәлил излеўден, сын көзқарастан пикирлеўден, өз бетинше жуўмақ шығарыўдан ўаз кеше баслайды. Ақыры, мий қанша аз ислесе, сонша ҳәлсирейди.

    ЖИ қәтесиз жаза алады, тез жуўап бере алады, логикалық жақтан шырайлы сөйлей алады. Жаслар болса буны өзи менен салыстырады. Ҳәр сапары ЖИ "жақсырақ" шыққан сайын ишки исеним жемириледи, өзин қәдирсиз сезиниў күшейеди, "мен өзим ҳеш нәрсе ислей алмайман", деген исенимсизлик қәлиплеседи.

    Және бир қәўип - эмоционаллық ғәрезлилик. ЖИ бәрқулла сыпайы, сабырлы, ҳүким етпейди, ал реал турмыстағы дос гейде сынға алады, кеўлине тийсе де ҳақыйқатты айтады. Егер жаслар тек "қолайлы жасалма сөйлесиўге" үйренип кетсе, реал сөйлесиўдеги қыйыншылықлардан қашыўы, эмпатия, тыңлаў, келисиў сыяқлы инстинктлер раўажланбай қалыўы мүмкин.

    Бирақ ЖИ да қәтелеседи. Гейде мағлыўматты тексерместен бөрттирип көрсетеди, жоқ дереклерди "ойлап табады", сиясий ямаса социаллық темаларда бир тәреплеме, стереотип жуўап береди. Жаслар болса көбинесе "бот солай жазды - демек дурыс", деп қабыл етеди, деректи сорамайды, салыстырмайды. Нәтийжеде надурыс көзқараслар, радикал кейпиятлар, "ҳәмме усындай пикирде" деген қыялый көринис күшейеди. Сол себепли жасларымыз ушын медиа саўатлылық ҳәм ЖИ бойынша саўатлылық тийкарғы көнликпелерден бирине айланыўы керек.

    Бүгинги жас өспирим ЖИ менен сөйлесип атырып, гейде ҳәмме нәрсени - өзиниң, ата-анасының жеке мағлыўматларын, карта реквизитлерин, ҳәтте шаңарақлық жәнжеллерди де жазады. "Бул тек ғана программа ғой", деген бийпәрўалық артынан үлкен қәўиплер келип шығыўы мүмкин. Демек, жасалма интеллект жасларды алмастырып атыр ма ямаса оларды күшейтип атыр ма?

    Сораўға жуўап қандай ЖИ мәдениятын қәлиплестириўимизге байланыслы. Мәселе сонда.

    Имканият ҳәм қәўипсизлик арасындағы тең салмақлылық

    Жақын он жыллықта дүньяда жасалма интеллект пенен ислесе алмаў саўатсызлық түрине, оның менен сын көзқарастан ҳәм әдеп-икрамлы ислеў болса табыс гиреўине айланады. Егер бүгиннен мектеп ҳәм жоқары оқыў орынларында ЖИ саўатлылығы элементлерин енгизиў, муғаллимлерди оның менен ислей алатуғын педагогқа айландырыў, жаслар менен ислейтуғын психологлар ушын "санлы ҳәм ЖИ гигиенасы" курсларын жолға қойыў, плагиат ҳәм академиялық ҳадаллық бойынша анық қағыйдалар ислеп шығыў басланса, ертең "жасалма интеллект әўлады" ҳаққында қорқыў менен емес, мақтаныш пенен айта аламыз.

    Жасалма интеллекттиң өзи болса нейтрал: жақсы да, жаман да емес. Қалай қолланатуғынымыз, қандай мүнәсибетте болатуғынымыз оның ҳақыйқый жүзин белгилейди. Егер биз саналы, әдеп-икрамлы ҳәм сын көзқарастан қатнас жасасақ, ол пикирлеўди күшейтиўши, илимди жеделлестириўши, имканиятты кеңейтиўши қуралға айланады. Болмаса "жалған жәрдемши"ге айланыўы мүмкин. Демек, ЖИ саўатлылығын жаслар сиясатының тийкарғы бағдарларынан бирине айландырыў зәрүр. "Жаслар ҳәм санлы мәденият", "Жаслар ҳәм жасалма интеллект" бойынша өз алдына бағдарламалар шеңберинде билимлендириў, психологиялық хызметлер ҳәм мәлимлеме кампаниялары үйлестирилиўи керек. "ЖИ ҳәм академиялық ҳадаллық" бойынша миллий усынысларды ислеп шығыў, бул бойынша саўатлылықты информатика сабақларының орайына жайластырыў зәрүр. Оқытыўшылар ушын арнаўлы қәнигелик арттырыў курслары шөлкемлестирилиўи керек. Себеби ЖИ менен ислей алатуғын оқытыўшы жақын жыллардың ең баҳалы қәнигесине айланады.

    ЖИды "таяр жуўап бериўши" емес, "сораў бериўге үйретиўши қурал"ға айландырыў да әҳмийетли. Сабақ процесинде "интернеттен таўып кел" емес, ал "сен буған қалай қосымша қыласаң?", "ол айтқан пикирге қарсы қандай дәлиллер таптың" сыяқлы тапсырмалар көбейтилсе, ол өз бетинше пикирлеўдиң қарсыласы емес, бирге ислесиўшисине айланып қалады.

    Өз гезегинде ата-аналар да бул технологиялық мода емес, келешектиң бир бөлеги екенин перзентлерине түсиндириўи шәрт. Яғный "ақыллы" технологиялар имканияты шаңарақта додаланыўы керек. Бақлаў емес, бирге ислесиў позициясы болыўы керек. Бала цифрлы турмысына шерик сыпатында қарай алса, исеним ҳәм қадағалаў тең салмақлығы сақланады.

    Улыўма алғанда, ЖИ саўатлылығын билимлендириў ҳәм жаслар сиясатына сиңдирип, академиялық ҳадаллық ҳәм әдеп-икрамлылық нормаларын қатаң қорғай алсақ, психологиялық қәўипсизлик ҳәм санлы гигиена мәселесине қатаң қарап, "жасалма интеллект әўлады" дегенде қорқып емес, мақтаныш пенен айта басласақ - бул бизиң жетискенлигимиз болады. Жаңа әўлад технологиялары раўажланыўдан тоқтамайды. Солай екен, оларды түсиниў, аңлаў ҳәм ақыл менен пайдаланыў раўажланыўға болған мүнәсибетимизди билдиреди.

    Чарос МИРХОЛИҚОВА,

    Жаслар машқалаларын үйрениў ҳәм перспективалы кадрларды

    таярлаў институты доценти

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates