Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы саўда-ҳуқықый тараўлардағы бирге ислесиўди беккемлеў, атап айтқанда, ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў бойынша биргеликтеги баслама ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Сенатор тәрепинен елимизде исбилерменликти, әсиресе, ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, жаратылып атырған қолайлы шараятлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Ҳаял-қызлар исбилерменлиги тараўында сан ҳәм сапа жағынан өсиў бақланып атырғаны, олардың экономикалық белсендилиги артып атырғаны айрықша атап өтилди.
Делегация ағзалары Өзбекстанда алып барылып атырған демократиялық реформалар, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў бағдарындағы ҳәрекетлерди жоқары баҳалап, АҚШ Саўда министрлигиниң CLDP бағдарламасы бул бағдардағы бирге ислесиўди кеңейтиўге таяр екенин билдирди.
Сөйлесиў ўақтында ҳаял-қызлардың исбилерменликтеги қатнасын қоллап-қуўатлаў, экономикалық еркинлигин тәмийинлеў ҳәм социаллық қорғалыўын күшейтиў бағдарында бирге ислесиўдиң перспективалары ҳаққында да пикир билдирилди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.









