баннер
22 Apr 2025
14:52

    АҚШтағы китапханадан Темурийлерге тийисли Қуран қолжазбасының және бир нусқасы табылды

    Бул ҳаққында Франция Жоқары изертлеўлер орайының профессоры Карим Ифрак Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы менен онлайн ушырасыўда мәлим етти.

    Карим Ифрак 2024-жылы өткерилген "Уллы ата-бабалар мийрасы - III Ренессанс тийкары" VIII халықаралық конгресс ҳәм Халықаралық мәдений мийрас ҳәптелигинде қатнасып, Темурийлер дәўиринде көширилген бийбаҳа реңли Қураны Кәрим қолжазбасы ҳаққында қызықлы мағлыўматлар берген еди.

    Ҳәзирги ўақытта бул қолжазба Ислам цивилизациясы орайының жойбарлары қатарына киргизилген.

    Ушырасыў даўамында Карим Ифрак АҚШтағы ири китапханалардың биринде усы қолжазбаның және бир нусқасы табылғанын мәлим етти.

    Сондай-ақ, ол "Қураны Кәримниң Темурийлер дәўири қолжазбалары" темасында Орай менен бирге ислесиўге таяр екенин билдирди.

    Карим Ифрак келеси халықаралық әнжуманларда өзиниң жаңа ойлап табыўлары менен қатнасатуғынын атап өтти. Сондай-ақ, оның "Исламның пайғамбары: Батыстың уллы илимпазларының нәзериндеги бес әсир" атамасындағы жаңа китабы баспаға таярланып атырғаны мәлим етилди.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech