Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2017-жыл 19-сентябрь күни БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде Ташкентте шөлкемлестирилип атырған Ислам цивилизациясы орайы ҳаққында сөз етип, муқаддес динимиз жақсылық ҳәм тынышлыққа, ҳақыйқый инсаныйлық пазыйлетлерди, илим ҳәм ағартыўшылық жолын қәстерлеп сақлаўға шақыратуғынын, оны зорлық ҳәм қан төгиў менен бир қатарға қоятуғынлар менен ҳеш қандай келисимге болмайтуғынын айрықша атап өтти.

Мине усындай жоқары идея ҳәм мақсетлер тийкарында шөлкемлестирилген бул орай халқымыздың үш мың жыллық тарийхын, дөретиўшилик потенциалын, дүнья цивилизациясына қосқан үлкен үлесин, уллы ата-бабаларымыздың мәдений-ағартыўшылық мийрасын терең үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаўға хызмет етеди.

Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы өзиниң уллылығы, көлеми ҳәм кеңлиги менен тарийх, мәденият ҳәм ислам цивилизациясын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў тараўында дүньядағы ең ири комплекслерден бири болып есапланады.

Ол Ташкент қаласындағы белгили Ҳәзирети Имам комплексиниң аймағында 10 гектар майданда қурылған. Орай имараты үш қабаттан ибарат болып, оның узынлығы 161, ени 118 метр. Гүмбезиниң бийиклиги 65 метр, жәми пайдалы майданы 42 мың квадрат метрден аслам. Бундай бийбаҳа көрсеткишлер оның Гиннестиң рекордлар китабына киргизилиўи ушын да тийкар болып хызмет етеди.

Орай имараты Президент Шавкат Мирзиёевтиң архитектуралық идеясы ҳәм усыныслары тийкарында жойбарластырылған. Қурылыс процесинде мәмлекетимиз басшысы бул комплекске бир неше мәрте келип, оны мазмуны ҳәм архитектуралық жақтан және де жетилистириў бойынша баҳалы усыныс ҳәм кеңеслер берген еди. Атап айтқанда, бир ғана 2025-жылы Президентимиз орайға бир неше мәрте сапар етиўи ўақтында экспозициялар, инфраструктура, билимлендириў ҳәм илимий бағдарларды жетилистириў бойынша әҳмийетли көрсетпелер берген еди.

Әййемги ҳәм миллий архитектуралық дәстүрлер тийкарында қурылған орай имаратына төрт тәрептен - тийкарғы төрт дәрўаза арқалы кириў мүмкин. Имараттың бул пештақлары ҳәм сыртқы аркалары ағартыўшылық, кеңпейиллик, инсаныйлық, ата-анаға ҳүрмет идеяларын билдиретуғын Қуран аятлары ҳәм ҳәдислер менен безелген.

Жер асты қабатында балалар ушын арнаўлы платформа, реставрациялаў ҳәм санлы нусқалаў лабораториясы, музей экспонатлары ҳәм сийрек ушырасатуғын қолжазбаларды сақлаў фондлары, заманагөй кафетерий, музей вестибюллары жайласқан.

Биринши қабатта майданы дерлик 8350 квадрат метр болған көргизбе залы ҳәм 550 орынлық конференция залына ийе музей жайласқан. Екинши қабатта қолжазба ҳәм литографиялық дәреклер, баспа ҳәм электрон әдебиятлар фондына ийе китапхана, оқыў заллары, халықаралық шөлкемлер ҳәм илимий мәкемелер ушын шараятлар жаратылған.

Бүгин Президентимиз үлкен руўхый-ағартыўшылық әҳмийетке ийе бул комплекске және бир мәрте барып, жаратылған шараятлар, бай экспозициялар, жаңа басламалар менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Қуран залына кирип, бул жерде жаратылған орталықты, сийрек ушырасатуғын экспозицияларды көзден өткерди. Бул зал орайдың өзине тән руўхый орайы есапланады.

Гүмбез астында арнаўлы меппинг-голограмма жаратылып, онда дәслеп космос көриниси пайда болады, аспанда жулдызлар жымыңласады. Итибарлы тәрепи, гүмбез астындағы жулдыз композициясы Ташкент аспанында түнде көринетуғын жулдызлар картасы тийкарында қәлиплестирилген. Жулдызлар сыпатында 90 Swarovski тасы ҳәм 650 ден аслам жақтыландырыўшылардан пайдаланылған, бул болса залға айрықша саўлат бағышлайды.

Бул жерде Усман Мушафи менен бирге түрли династиялар ҳүкимдарлығы дәўиринде жаратылған, елимизге тийисли 114 сийрек ушырасатуғын Қуран қолжазбалары жәмленген. Олардың арасында саманийлер, қараханийлер, газнаўийлер, темурийлер, шайбанийлер ҳәм басқалар дәўирине тийисли сийрек ушырасатуғын нусқалар бар. Бул қолжазбалар тек ғана диний емес, ал Шығыс китап безеў өнериниң уллы үлгилери сыпатында үлкен тарийхый, илимий ҳәм көркем қунға ийе. Залдың заманагөй витриналарында халқымыз арасында қәстерлеп сақланып, орай фондына тапсырылған қолжазбалардың түп нусқаларына мүнәсип орын ажыратылған.

Атап өтилгениндей, орайдың тырнағы қаланған ўақыттан баслап 2025-жылға шекем оның фондындағы әййемги дәреклер саны 2 мыңнан артып, Қуранның сийрек ушырасатуғын қолжазбалары 60 тан асқан. Олардың барлығы ўатанласларымыз тәрепинен қәстерлеп сақланып берилген, халықаралық аукционлар арқалы сатып алынған. Әмелге асырылған жумыслар миллий ҳәм диний мийрасларымызды тиклеў, дүнья жүзиндеги бийбаҳа дәреклерди Ўатанымызға қайтарыў, оларды илимий айланысқа киргизиў ҳәм келешек әўладлар ушын қәстерлеп сақлаўға болған умтылысты айқын дәлиллейди.

Президентимизге экспозицияға киргизилген айрықша баҳалы қолжазбалардың айырымлары ҳаққында мағлыўмат берилди. Олардың арасында 1589-жылы хаттат Султан Мухаммед тәрепинен сегиз мүйешли көринисинде исленген ҳәм тумар сыпатында пайдаланылған "Бозубанд" Қураны қолжазбасы, XVII әсирге тийисли, Сафавийлер дәўириндеги хаттотлық ҳәм китап безеў өнериниң гүллеп-жаснаған дәўирин сәўлелендиретуғын әжайып нусқа бар. Сондай-ақ, хаттот Муҳаммад ибн Абд ал-Ҳодий тәрепинен 1872-жылы Мағриб жазыў усылында жаратылған сийрек ушырасатуғын қолжазба да көрсетилген. Салжуқийлер дәўирине тийисли XII-XIII әсирлерге тийисли, каллиграф Муҳаммад Содиқ ибн Муҳаммад Шафий тәрепинен насх усылында жазылған, қатарлар арасынан парсы тилине аўдарылған бийбаҳа нусқа көрсетилген. Айырым қолжазбаларда Самарқанд, Хирот ҳәм Бухара жазыў мектеплериниң дәстүрлери айқын көзге тасланатуғыны атап өтилди.

Буннан соң Президент музейге келиўшилерге сапалы хызмет көрсетиўди шөлкемлестириў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.

Орай қысқа ўақыт ишинде халықаралық абырайлы шөлкемлер ҳәм басылымлар тәрепинен тән алынғаны атап өтилди. Атап айтқанда, орай Францияның "Авиценна" сыйлығы менен сыйлықланған, АҚШтағы Смицон институтының «Smithsonian Magazine» журналының версиясы бойынша 2026-жылы ашылыўы ең үлкен қызығыўшылық пенен күтилип атырған дүньяның 10 музейиниң қатарына кирген. Буннан тысқары, «Conde Nast Traveler» басылымы оны 2026-жыл июнь айында барыў мүмкин болған музейлер дизимине, «BBC Travel» болса дүньядағы ең күтилген музейлер қатарына киргизген.

Орайда халықаралық хызмет көрсетиў стандартларына муўапық келиўшилер ушын тарқатпа материаллар, брошюра ҳәм китаплар таярланған. Өзбекстан музейлери тәжирийбесинде биринши мәрте халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда заманагөй химиялық-физикалық лабораторияда барлық музей экспонатларының химиялық қурамы ҳәм жаратылыў ўақты анықланды, технологиялық паспортлары таярланды.

Экспонатлар халықаралық ISO стандартларына муўапық санластырылған ҳәм бирден-бир электрон платформаға жайластырылған. ЮНЕСКО ҳәм ИКОМ талаплары және дүньяның жетекши музейлери тәжирийбеси тийкарында 8 бағдар бойынша экспонатлар этикеткасының стандартлары ҳәм классификациялары ислеп шығылды. Ҳәр бир экспонатқа QR-код жайластырылғаны себепли мобил телефон ямаса планшет арқалы дәслеп үш, кейин ала сегиз тилдеги видео ҳәм аудиоконтент пенен танысыў имканияты жаратылды.

Презентацияда "Ҳәмме ушын ашық музей" концепциясы тийкарында орайды социаллық интеграция майданына айландырыўға айрықша итибар қаратылды. Келешекте барлық экспонатларға арнаўлы электрон чиплер орнатыў, көзи әззи инсанлар ушын автоматикалық аудиогид системасын енгизиў режелестирилген. Сондай-ақ, Bluetooth-маяклар жәрдеминде имарат ишинде еркин ҳәрекетлениў имканиятын жаратыў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, Британия музейи, Лувр ҳәм Метрополитен музейлериндеги сыяқлы робот-гидлер, видео ҳәм аудио танысыў ушын планшетлер, аудио-гидлер, радио-гидлер ҳәм жол көрсетиўши наушниклерден пайдаланыў нәзерде тутылған.

Дәслепки есап-санақларға бола, орайға күнине орташа 5 мыңға шамалас адам келетуғыны атап өтилди. Орай ҳәм музей халықаралық стандартлар тийкарында толық ислеўи ушын 400 ден аслам хызметкер талап етиледи. Ҳәзирги ўақытта 100 ден аслам арнаўлы таярланған қадағалаўшылар ҳәм 30 дан аслам экскурсия жетекшилери жумыс алып бармақта. 10 мәмлекеттен келген туристлер ушын гидлердиң өз алдына текстлери ислеп шығылған.

Буннан соң мәмлекетимиз басшысы орай имаратының екинши қабатында Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң жумысы ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

Сапар етиў даўамында Президентимиз орайдың китапханасын көзден өткерди.

Китапхананың улыўма майданы 3105 квадрат метр. Ҳәзирги ўақытта оның фондында 45150 ден аслам басылым болса, соннан 2609 сийрек ушырасатуғын нусқалар болып есапланады. Буннан тысқары, китапханада 350 мың электрон басылым бар. Ол бир ўақыттың өзинде 310 пайдаланыўшыға хызмет көрсетиўи мүмкин. Илимпазлар ҳәм профессор-оқытыўшылар ушын 4 өз алдына хана шөлкемлестирилген болып, олар илимий жумыс алып барыў ушын барлық заманагөй техника ҳәм қолайлықлар менен үскенеленген.

Китапхананың бир бөлими 22 ағартыўшы-жадид бабаларымыздың мийрасына бағышланған. Онда олардың фотопортретлери, китап текшелеринде олар жаратқан ҳәм олардың жумысына бағышланған сийрек ушырасатуғын әдебиятлар орын алған.

Сондай-ақ, китапхана фондын Өзбекстанның белгили ойшыл ҳәм илимпазларының өмири ҳәм дөретиўшилиги, олар жаратқан илимий мектеплер ҳаққындағы сийрек ушырасатуғын басылымлар менен байытыў бойынша да бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, фондқа уллы илимпазлардың қолжазба ҳәм тасбаспа шығармаларының дәслепки басылымлары, олардың илимий мийрасын үйрениўге бағышланған сийрек ушырасатуғын изертлеўлер ҳәм шолыўлар киргизилген. Сырт ел аукционларында, илимий мәкемелерде, жеке меншик коллекциялардағы нусқаларды сатып алыў, сондай-ақ, ўатанласларымыз тәрепинен дәреклер берилиўи есабынан бул жумыслар турақлы түрде даўам еттирилмекте.

Китапханада Европадағы сийрек ушырасатуғын басылымлар, соның ишинде, латын тилиндеги мусылман династиялары, түркий халықлар тарийхы ҳаққындағы шығармалар, Шығыс халықлары ҳаққындағы энциклопедиялар, XX әсирге шекем басып шығарылған Хорасан ҳәм Маўереннаҳрға бағышланған саяхатнамалар да бар. Буннан тысқары, китапхана фонды жеке меншик фондлардан сатып алынған сийрек ушырасатуғын дәреклер - Насируддин Рабғузийдиң "Қисас ул-анбиё" шығармалары, Әлийшер Наўайының XIX әсирдиң басларында Ташкентте көширилген диванлары, Мавлоно Жалолиддин Румий шығармаларының түрк тилине аўдармалары менен байыды.

Сондай-ақ, имканияты шекленген пайдаланыўшылар ушын айрықша шараятлар жаратылыўы ҳаққында да мағлыўмат берилди. Атап айтқанда, көзи әззи инсанлар ҳәм көзи әззилер ушын арнаўлы заллар шөлкемлестирилип, арнаўлы бағдарламалар, принтер ҳәм қурылмалар орнатылды, Брайл әлипбесиндеги мыңнан аслам басылым алып келинди. Мине, усы китапханада Өзбекстанда биринши мәрте пайдаланыўшылардың онлайн сөйлесиўин әтираптағыларға кесент етпей, соның менен бирге, сөйлесиўлер ҳәм жеке мағлыўматлардың сыр сақланыўын тәмийинлейтуғын сес өткермейтуғын кабиналар шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, аудиоресурслар менен ислесиў ушын заманагөй «Sonic chair» қурылмасы тек ғана мәмлекетимизде емес, ал пүткил Орайлық Азияда биринши мәрте енгизилди.

Китапхана аймағында китапқумарлар ушын жасыл аймақ, нусқа көшириў хызмети, жеке тәртипте оқыў ушын арнаўлы ханалар ҳәм балалар ушын өз алдына майданшасы шөлкемлестирилген.

Буннан соң Президентимиз орай жанында шөлкемлестирилген халықаралық илимий-ағартыўшылық платформасының жумысы менен танысты. Атап өтилгениндей, платформа шеңберинде бир қатар абырайлы халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў жолға қойылған. АЙСЕСКО, ИРСИКА, Оксфорд исламды үйрениў орайы, Франциядағы Темурийлер ассоциациясы, ТҮРКСАЙ ҳәм басқа да халықаралық структуралар менен биргеликте олардың офис имаратлары шөлкемлестирилген. Бул жергиликли илимпазлар ҳәм сырт ел шөлкемлери ўәкиллериниң биргеликте жумыс алып барыўы, биргеликте изертлеўлер өткериўи, жойбарлар ислеп шығыўы ҳәм билимлендириў бағдарындағы басламаларды әмелге асырыўы ушын қолайлы орталық жаратады.

Сапар даўамында мәмлекетимиз басшысы орайға саўға етилген ҳәм сырт елден сатып алынған баҳалы экспонатлар көргизбеси менен танысты.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң тапсырмасына муўапық, сырт елдеги мәдений байлықларды Өзбекстанға қайтарыў бойынша избе-из жумыслар алып барылмақта. Өткен жылы Уллы Британиядағы «Sotheby’s» ҳәм «Christie’s» сыяқлы аукционларда арт-дилерлер ҳәм жеке меншик коллекционерлерден 700 ден аслам экспонат сатып алынған. Сондай-ақ, түрли мәкемелер, шөлкемлер ҳәм меценатлар тәрепинен 1 мыңнан аслам буйымлар саўға етилди. Бул экспонатлардың тийкарғы бөлеги музейдиң биринши қабатында жайласқан.

Экспозицияда саманийлер, қараханийлер, ғазнаўийлер, темурийлер ҳәм басқа да дәўирлерге тийисли көплеген сийрек ушырасатуғын экспонатлар орын алған. Атап айтқанда, X әсирдиң ақырында исленген саманийлер сәркардасы Әбиў Мансур Сабуктегинниң аты жазылған, алтын менен қапланған гүмис баркаш, саманийлер дәўириндеги гүмис кесе ҳәм мыс сыя дәўет, Алтын Ордада Өзбекхан ҳүкимдарлығы дәўириндеги феруза реңли ҳаял-қызлар белбеўи, XIX әсирдеги Османийлер империясы дәўириндеги "Алла" ҳәм "Муҳаммед" жазыўлы кестелер айрықша итибарға ылайық.

Президентимизге темурийлер дәўириндеги гүлалшылық көркем өнери үлгилери, Мадина қаласындағы Пайғамбарымыздың қәбири үстине жабылған XIX әсирдеги жипек жабыў, Кааба есигиниң жоқарысында илип қойылған хызаманың тарийхый үлгиси, кең көлемли "барлық суўзанлардың анасы" ҳаққында мағлыўмат берилди. Буннан тысқары, Әмир Темур дәўиринде Омар Ақта тәрепинен көширилген үлкен Қураны кәримниң үзиндилери, Темурийлер дәўириндеги архитектуралық естеликлерден алынған керамикалық плиткалардың элементлери, Бабурийлер дәўириндеги қурал-жарақлар - дуулыға, қалқан, қылыш ҳәм жаў-жарақ бөлеклери көрсетилди.

Буннан тысқары, Әмиўдәрья ғәзийнесине байланыслы табылмалар ҳаққында да мағлыўмат берилди. 1877-жылы Бухара әмирлиги аймағынан табылған, ҳәзирги ўақытта Британия музейинде сақланып атырған бул ғәзийнениң айырым сийрек ушырасатуғын буйымларын Лондон саўда үйлери арқалы Өзбекстанға қайтарыўға ерисилди. Олардың арасында VIII–IX әсирлерге тийисли суғд атлысы сүўретленген алтын пекторал, Бақтрия дәўирине тийисли 666 грамм аўырлықтағы жылан көринисиндеги сийрек ушырасатуғын билезиклер бар.

Экспозицияда орайға саўға етилген экспонатларға да айрықша орын берилген. Атап айтқанда, АҚШта жасап атырған шығыстаныўшы Александр Наймарк Палўан Маҳмудтың қолжазбасын орайға саўға еткени мәлим етилди. Бул қолжазба Хийўа ханы Мухаммед Рахимхан Феруздиң жеке қолы менен көширилген болып, оны үйрениў процесинде 70 тен аслам жаңа рубаиятлар анықланды. Буннан тысқары, көргизбеде ҳәр қыйлы дәўирлерге тийисли болған, соның ишинде, Майский посёлкасындағы ғәзийнеден алынған теңгелер, безеў буйымлары, медалёнлар ҳәм басқа да тарийхый буйымлар көрсетилген.

Улыўма, сапар даўамында бул орайдың үлкен потенциалы және бир мәрте айқын көринди: ол елимиздиң тарийхы ҳәм мәдений мийрасын терең аңлаў, ислам дининиң ҳақыйқый адамгершилик ҳәм ағартыўшылық мәнисин ашып бериў, сондай-ақ, ата-бабаларымыздың уллы илимий ҳәм руўхый мийрасын халықаралық аудиторияға көрсетиў имканиятын береди.

- Бүгин биз өзлигимизди аңлаў жолында үлкен ўақыяның гүўасы болдық. Аллаға шүкир, усы тоғыз жылда жақсы нийет пенен, машақатлы мийнет ҳәм талапшаңлық пенен биздиң ким екенимизди, халқымыздың ким екенин, тарийхымызды ҳақыйқый сәўлелендиретуғын комплексти жараттық. Бул жерге келген ҳәр бир инсан, әсиресе, жасларымыз биз қандай уллы бабаларымыздың әўладлары екенимизди билиўи ҳәм түсиниўи керек.

Бул үлкен жойбар әпиўайы сызылма емес. Оны жүрек жаратқан, муҳаббат жаратқан, арзыў-әрманлар жаратқан. Қуран сақланатуғын муқаддес зал да өз-өзинен пайда болмаған. Ол халқымыздың арзыў-әрманларын, уллылығын, руўхый күш-қүдиретин көрсетиў тилегинде, кеўилден туўылған. Бул жойбар уллы халқымыздың ҳақыйқый келбетин көрсетиўге қаратылған ийгиликли умтылыслардың жемиси, - деди Президент.

Сапар етиў жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Ислам цивилизациясы орайының Ҳүрметли мийманлар китабына қол қойды.