Бул үлкен ҳәм сийрек ушырасатуғын жойбар мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 23-июньдеги қарарына тийкарланып басланған. Көп өтпей, 2018-жылғы Рамазан ҳайыты күни оның тырнақ тас қойылған еди. Өткен дәўирде бул жерде үлкен көлемдеги қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды.
Орай әййемги архитектуралық дәстүрлеримиз ҳәм миллий нағысларымыздың үнлеслигинде қурылды. Имараттың төрт тәрепинде бийиклиги 34 метрли аркалар, ортада болса 65 метрли миллий усылдағы гүмбез бой тиклеген.
Имараттың орайлық бөлиминде Қураны кәрим залы жайласқан. Бул жерде мусылман дүньясының бийбаҳа руўхый дүрданалары есапланған әййемги Усман Мусхафи көрсетиледи. Сондай-ақ, саманийлер, қараханийлер, хорезмшаҳлар, темурийлер ҳәм басқа да династиялар дәўирине тийисли муқаддес китап нусқалары, олардың ески өзбек тилиндеги аўдармалары, соның менен бирге, дүньядағы ең сийрек ушырасатуғын қолжазба Қуранлардан да үлгилер орын алады.
Орай қурамында 460 орынлық конференциялар залы да қурып питкерилген болып, халықаралық көлемдеги ушырасыў ҳәм илимий әнжуманларды өткериў ушын барлық заманагөй шараятлар жаратылған.
Комплексте "Исламға шекемги цивилизациялар", "Биринши Ренессанс", "Екинши Ренессанс", "Өзбекстан XX әсирде" ҳәм "Жаңа Өзбекстан - жаңа Ренессанс" бөлимлери шөлкемлестирилген. Бул жерде уллы ойшылларымыздың жумысы ҳаққында мағлыўматлар, сондай-ақ, Имам Бухарий, Имам Термизий, Абу Мансур Мотуридий, Баҳауддин Нақшбанд ҳәм басқа да уламалардың мийрасы да кеңнен сәўлелендирилген.
Сондай-ақ, тарийхымызда илим-ағартыўшылық ҳәм руўхыйлық қәўендери болған Бийбиханым, Надирабегим, Увайсий, Анбар атын сыяқлы уллы инсанлардың жумысы да айрықша экспозиция сыпатында көрсетилген.
Мәмлекетимиз басшысы бәрқулла орайдың илимий-ағартыўшылық бағдарын нәтийжели шөлкемлестириў, оның мазмун-мәнисин байытып барыў зәрүрлигин айрықша атап өтеди. Бул бағдарда Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясы, Имам Бухарий, Имам Термизий ҳәм Имам Мотуридий атындағы илимий орайлар менен бирге ислесиўди күшейтиў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берилди.
Сапар етиў ўақтында Президентимиз залларда әмелге асырылып атырған пардозлаў ҳәм үскенелеў жумысларын көзден өткерди, бөлимлер ҳәм көргизбелердиң мазмун-мәниси, қолланылып атырған интерактив технологиялар менен жақыннан танысты.
Мәмлекетимиз басшысы экспонатларды жергиликли ҳәм сырт елли мийманларға ҳәр тәреплеме қызықлы және түсиникли етип усыныў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Усы мақсетте орайда жумыс алып баратуғын қәниге ҳәм гидлердиң санын көбейтиў, оларды арнаўлы бағдарламалар тийкарында таярлаў зәрүр екенлигине итибар қаратылды.
Орайдың жумысын мазмун жағынан және де байытыў, экспозициялар арқалы халқымыздың руўхый ҳәм илимий мийрасын толық көрсетиў бойынша бир қатар усыныслар берилди.












