Мәжилисте миллий геология системасын заманагөй илимий ҳәм технологиялық дәрежеде раўажландырыў, минерал-шийки зат базасын кеңейтиў ҳәм пайдалы қазылмаларды терең қайта ислеўди тәмийинлеў тийкарғы ўазыйпалардан бири екени атап өтилди.
Дүнья тәжирийбеси көрсеткениндей, барыў қыйын болған аймақларда да жасалма интеллект жәрдеминде жаңа кәнлерди анықлаў мүмкин. Бул бағдарда регионаллық геологиялық-излеў жумысларын кеңейтиў ҳәм заманагөй геофизикалық усылларды қолланыўға айрықша әҳмийет қаратылмақта.
Усы мүнәсибет пенен жуўапкерлер сырт елли бирге ислесиўшилер, соның ишинде, кәншилик тараўында дүньяның жетекши илимий орайларынан бири болған Колорадо кәншилик мектеби (АҚШ) менен биргеликте илимий-изертлеў ҳәм әмелий жумысты бирлестиретуғын заманагөй Компетенциялар орайын шөлкемлестириў жойбарын усынды.
Орайдың тийкарғы ўазыйпалары геология-излеў жумысларына санлы шешимлер, жасалма интеллект ҳәм аэро-геофизикалық изертлеўлерди енгизиўден ибарат. Алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында мағлыўматларды санлы таллаў, геохимиялық ҳәм космогеологиялық изертлеў нәтийжелерин интеграциялаў, перспективалы кәнлерди анықлаў процесин жеделлестириў режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы усынысларды мақуллап, геология тараўында халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, заманагөй технологияларды жедел енгизиў, перспективалы майданларды анықлаў ҳәм өзлестириўге қаратылған жумысларды шөлкемлестириў бойынша бир қатар тапсырмалар берди.









