"Дунё" МАның хабар бериўинше, бул билимлер беллесиўинде 15 мәмлекеттен 250 ге шамалас қәбилетли оқыўшылар өз-ара беллести. Олимпиадада Өзбекстан сайланды командасы ағзалары белсене қатнасып, елимиздиң абырайын мүнәсип қорғады.
II Халықаралық математика олимпиадасы жуўмақларына бола өзбекстанлы оқыўшылар жәми 17 медаль - 4 алтын, 9 гүмис ҳәм 4 бронза медалын қолға киргизди. Бул нәтийже балаларымыздың жоқары дәрежедеги билим ҳәм таярлығын және бир мәрте көрсетти. Қәбилетли оқыўшыларымыздан Жавоҳир Мамақулов, Азизбек Мамажонов, Абдулазиз Раджабов ҳәм Меҳмонбек Аманов алтын медаль ийелери болды.
Өткен жылы Түркменстанда болып өткен Халықаралық математика олимпиадасында Өзбекстан сайланды командасы 9 медалды қолға киргизген еди.








