Халықаралық математика олимпиадасының жеңимпазлары салтанатлы күтип алынды

    66-Халықаралық математика олимпиадасында табысқа ерискен Өзбекстан сайланды командасы ағзалары 2025-жыл 23-июль күни таңға жақын Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында салтанатлы күтип алынды.

    Салтанатлы мәресимде Пән олимпиадалары орайының директоры Т.Шерматов, устазлар, шаңарақ ағзалары, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасып, жеңимпазларға қызғын қутлықлаўлар жоллады.

    Өзбекстан сайланды командасы быйылғы абырайлы олимпиадада 5 медалды қолға киргизип, жасларымыздың математика тараўындағы жоқары потенциалын халықаралық майданда және бир мәрте көрсетти.

    Мағлыўмат орнында: бул олимпиадада жәми 115 мәмлекеттен қәбилетли оқыўшылар қатнасты.

    Еслетип өтемиз: Халықаралық пән олимпиадасы жеңимпазларына:

    Алтын медаль ушын - 937 500 000 сум

    Гүмис медаль ушын - 562 500 000 сум

    Бронза медаль ушын - 375 000 000 сум белгиленген.

    Ҳәр бир жеңимпаз оқыўшы жеке өз атына усы сыйлықты алады.

    Бул сыйлықлар Өзбекстан жасларының жәҳән илим майданындағы жетискенликлерин мүнәсип қәдирлеў ҳәм илимий потенциалын және де хошаметлеў мақсетинде енгизилген.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates