Өзбекстанлы оқыўшылар Халықаралық информатика олимпиадасында 2 медальға ийе болды

    4 тамыз 2025 1973

    Халықаралық дәрежедеги ең абырайлы билимлендириў жарысларынан бири есапланған "IОI-2025" - Халықаралық информатика олимпиадасы жуўмақланды ҳәм рәсмий нәтийжелер жәрияланды.

    Быйылғы жарыс өзбек оқыўшылары ушын тарийхый нәтийжелер менен жуўмақланды.

    Жоқары дәрежедеги бәсекиге қарамастан, Өзбекстан сайланды командасының 2 ўәкили табыслы қатнасып, мәмлекетимизге 1 гүмис ҳәм 1 бронза медалын алып келди. Бул нәтийже Өзбекстанның информатика пәнинен халықаралық майдандағы потенциалы артып баратырғанынан дәрек береди.

    Өзбекстан сайланды командасының нәтийжелери:

    Асылбек Суннатов - 378.82 балл менен гүмис медаль ийесине айланды;

    Улуғбек Раҳматуллаев - 308.12 балл менен бронза медалын қолға киргизди.

    Бул жетискенлик, атап айтқанда, Асылбек Суннатовтың гүмис медалы - Өзбекстан тарийхындағы дәслепки гүмис медаль сыпатында атап өтилди.

    Халықаралық информатика олимпиадасында дүнья бойлап жүзлеген қәбилетли оқыўшылар қатнасады. Олимпиада рәсмий нәтийжелери менен https://stats.ioinformatics.org/results/2025 мәнзили арқалы танысыў мүмкин.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates