Министрлер Кабинетиниң 26.12.2024-жылдағы 886-санлы "Аттракционлар қәўипсизлиги ҳаққындағы Техникалық регламентти ҳәм Аттракционларды есапқа алыў және олардың мәмлекетлик реестрин жүргизиў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди.
Ҳүжжет пенен төмендегилер тастыйықланды:
- Аттракционлар қәўипсизлиги ҳаққындағы Техникалық регламент;
- Аттракционларды есапқа алыў ҳәм олардың мәмлекетлик реестрин жүргизиў тәртиби ҳаққындағы реже.
Регламент Өзбекстан аймағында аттракционлардан пайдаланыўда инсанлардың өмири ҳәм денсаўлығын қорғаў, сондай-ақ, оларда қәўипсизлик бойынша алжастырыўшы ҳәрекетлердиң алдын алыў мақсетинде қолланылыўы ҳәм орынланыўы керек болған бирден-бир талапларды белгилейди.
Регламентте аттракционлар Регламент талапларына муўапық болған ҳәм муўапықлық тәртибинен өткен жағдайда айланысқа киргизилиўи нәзерде тутылған.
Техникалық регламент талапларына әмел етилиўи үстинен мәмлекетлик қадағалаў Министрлер Кабинети жанындағы Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитети, Айрықша жағдайлар министрлиги, Энергетика министрлиги, Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги, сондай-ақ, басқа да ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен өз ўәкилликлери шеңберинде әмелге асырылады.
Аттракционлардың мәмлекетлик реестрин жүргизиўдиң мақсети олардың мағлыўматлар базасын жаратыў, санаат қәўипсизлиги тараўында мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў, сондай-ақ, дизимге алынған аттракционлар ҳәм олардан пайдаланыўшы шөлкемлер ҳаққында системалы мағлыўматларды жыйнаў, таллаў ҳәм сақлаўдан ибарат.
Реестрди жүргизиў Комитетке жүкленеди ҳәм төмендеги процедураларды өз ишине алады:
- дизимге алыў номерин көрсетиў арқалы аттракцион ҳаққындағы зәрүр мағлыўматларды мағлыўматлар базасына киргизиў;
- аттракцион ҳаққындағы мағлыўматларды дәўирлик жаңалап барыў ямаса оларды реестрден өширип барыў.
Ҳүжжет Нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасында мәмлекетлик тилде жәрияланған ҳәм 28.12.2024-жылдан күшке кирди.