Буның ушын ЖПХ бөлимлерине мүрәжат етиўдиң кереги жоқ.

Стикерди рәсмийлестириў ушын портал ямаса my.gov.uz мобил қосымшасына кирип, излеў қатарынан "Экологиялық стикер" ямаса "Транспорт" бөлиминен "Автотранспорт қуралына экологиялық стикер алыў" хызметин таңлаў ҳәм арзаны тастыйықлаў керек.

Таяр стикер 10 күн ишинде үйге жеткерип бериледи.

Хызмет ҳәм стикер бийпул усынылады. Тек ғана почта арқалы үйге жеткерип бериў ушын 20 600 сум төленеди.