Регламентке бола, автотранспорт қуралларын майыплығы болған шахслардың мүтәжликлерине бейимлестириў қәрежетлериниң 50 проценти, бирақ БЕМниң 30 есесине шекемги бөлеги қаплап бериледи.

Онда қәрежетлер 2024-жыл 1-октябрьге шекем қалалық, қала әтирапы, қалалараралық автобуста жолаўшы тасыў жөнелислерин бириктириў бойынша тендерде жеңимпаз болып, усы жөнелислерде хызмет көрсеткен исбилерменлердиң ҳәр бир автобусы ушын қапланады.

Сондай-ақ, 2024-жыл 1-ноябрьден I топар майыплығы болған шахслардың өз атына рәсмийлестирилген ҳәм жеке пайдаланыўында болған 1 автотранспорт қуралы ушын әмелге асырылады.

Автотранспорт қуралларын төмендегилер менен үскенелеў оны майыплығы болған шахслардың мүтәжликлерине бейимлестириў деп тән алынады:

исбилерменлердиң автобуслары ушын:

  • жыйналатуғын пандус (1 дана);
  • аудио ҳәм визуал информация бериўши монитор (1 дана);
  • хабар бериўши колонка (көби менен 3);
  • мағлыўматларды жеткерип бериўши микрофон (1 дана);
  • байланыс түймеси;
  • станциялар ҳаққында мағлыўмат алыў имканиятын беретуғын мағлыўматлар тахтасы менен үскенелеў (1 дана);

I топар майыплығы болған шахслардың жеке автотранспорт қураллары ушын:

  • газ ҳәм тормоз педалын қол басқарыўына өткериў;
  • механикалық узатқышты автомат узатқышқа айландырыў қәрежетлери.

Арза бериўшилер автотранспорт қуралы талапларға бейимлестирилген ўақыттан баслап 90 күн ишинде "Инсан" орайларына ямаса "Бирден-бир миллий социаллық қорғаў" мәлимлеме системасы ямаса БИМХП (my.gov.uz) арқалы мүрәжат етиўи керек.