Мәлимлеме технологиялары тараўындағы жынаятлар ушын жаза шаралары күшейтиледи

    6 мамыр 2025 995

    Ишки ислер министрлиги Өзбекстанда кибержынаятларға қарсы гүресиў бағдарында ўәкилликли уйым етип белгиленди.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Мәлимлеме технологиялары жәрдеминде жүз берилетуғын жынаятларға қарсы гүресиў жумысын буннан былай да күшейтиўге қаратылған илажлар ҳаққында"ғы қарары (ПҚ-153-санлы, 30.04.2025 ж.) қабыл етилди.

    Қарарға бола, Ишки ислер министрлиги Өзбекстанда кибержынаятларға қарсы гүресиў бағдарында ўәкилликли уйым етип белгиленди.

    Өз күнделикли жумысын шөлкемлестириўде қарыйдарларының мәпи ҳәм финанслық қәўипсизлигин тәмийинлеў банклер, төлем системасы операторлары ҳәм төлем шөлкемлериниң тийкарғы ўазыйпасы сыпатында көрсетилди.

    Сондай-ақ, кибержынаят ислеўде өз атындағы банк картасы, банк есап бети, SIM картасы ҳәм электрон қалтасынан пайдаланыўға жол қойған шахслар ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик белгиленеди.

    Банклер, төлем системасы операторлары ҳәм төлем шөлкемлериниң мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм киберқәўипсизлик талапларына әмел етпегени нәтийжесинде жүз берген кибержынаят ақыбетинде келип шыққан материаллық зыянды олардың есабынан өндириў тәртиби енгизиледи.

    Жынаят нызамшылығы менен мәлимлеме технологиялары тараўындағы жынаятлар және пул қаржылары ҳәм басқа да мүлкти тартыўға байланыслы нызамсыз жумыс ушын белгиленген жаза илажлары күшейтиледи.

    Жынаят ислеўде мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў жуўапкершилик ҳәм жазаны аўырластырыўшы жағдай сыпатында белгиленеди.


    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates