Ҳаялларда онкологиялық кеселликлерди ерте анықлайтуғын қәнигелерди оқытыў системасы жолға қойылады - Денсаўлықты сақлаў министрлиги

    2025-2026-оқыў жылынан баслап Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайында гинеколог қәнигелерди жатыр мойны ҳәм көкирек бези ракы скринингин өткериў бойынша оқыў курслары жолға қойылады.

    Сондай-ақ, клиникалық ординатура (резидентура) ҳәм магистратураның гинекология ҳәм онкология қәнигеликлери, сондай-ақ, медицина хызметкерлериниң маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаў оқыў бағдарламаларына жатыр баўырының ракы скрининги ҳәм көкирек бези ракын ерте анықлаўға оқытыў бойынша модуллер киргизиледи.

    Министрлик Мәмлекетлик мәлимлеме системаларын жаратыў ҳәм қоллап-қуўатлаў бойынша бирден-бир интегратор - "Узинфосом" ЖШЖ менен биргеликте

    2025-жыл 1-майға шекем:

    а) жатыр баўыры ракы скрининги ҳәм көкирек бези ракын ерте анықлаў сапасын баҳалаў ҳәм мониторинг етип барыў системасын енгизип, скрининг регистрин жүргизиўди жолға қойыў;

    б) скрининг бағдарламасына киргизилген ҳаял-қызлар менен қайта байланыс системасын (мобил қосымша ҳәм басқалар арқалы) енгизиў нәзерде тутылған.

    Сондай-ақ, усы жылы:

    - алдынғы халықаралық тәжирийбени есапқа алған ҳалда, скрининг алгоритмлерин нәзерде тутқан ҳалда, рак алды кеселликлери, жатыр ракы скрининги ҳәм көкирек бези ракын ерте анықлаў, диагнозлаў ҳәм емлеў бойынша миллий клиникалық протоколлар тастыйықланады;

    - жатыр мойын ҳәм көкирек бези ракы скрининги, диагностикасы, емлеў ҳәм кейинирек бақлаў тәртиби ислеп шығылады.

    Бунда:

    кеселлик басқышы ҳәм тарқалыў дәрежесине қарап анықланған жатыр ҳәм көкирек бези ракын емлеў схемалары;

    - хирургиялық әмелият өткерген наўқасларды бақлаў, реабилитация етиў ҳәм паллиатив күтиў схемалары ислеп шығылады.

    - Буннан тысқары, диагностика процесслериниң сапа қадағалаўы стандартларын да ислеп шығыў нәзерде тутылған.