Денсаўлықты сақлаў министрлиги баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, “REVO-I” маркалы бул сийрек ушырасатуғын робот-хирург Кореяның “Meere” компаниясында ислеп шығарылған болып, оның имканиятлары оғада кең.
Атап айтқанда, усы қурылма жәрдеминде орынланатуғын операциялар наўқастың өмири ушын әҳмийетли болған басқа ағзаларға тәсир етпеўи, минимал қан жоғалтыў менен өтиўи ҳәм операциядан кейинги реабилитация процеси қысқа екенлиги менен үлкен әҳмийетке ийе.








