Пәрманға бола, Дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң жумысын қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан төмендеги финанслық қоллап-қуўатлаў тәртиплери енгизиледи:
- ҳәр жылы 500 мәҳәлледе биреўден халықтың қыйтақ жеринде әмелге асырылған ең үлгили ҳәм инновациялық жойбар ушын БЕМниң 100 есесинен аспаған муғдарда грантлар ажыратылады;
- уста дийқанлар тәрепинен қысқа мүддетли оқыў курсларын шөлкемлестириўге байланыслы қәрежетлерди қаплаў ушын ҳәр бир курс ушын БЕМның 15 есесине шекемги муғдарда субсидия ажыратылады;
- белгили бир мәҳәлледеги 50 процент шаңарақлардың қыйтақ жеринде экспортқа жарамлы өним жетистириўди жолға қойған уста дийқанларға 100 миллион сумға шекем субсидия ажыратылады;
- қыйтақ жер ийелери ҳәм дийқан хожалықлары және оларға хызмет көрсетиўши субъектлерге коммерциялық банклер арқалы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, оларды қайта ислеў, кептириў, сақлаў ҳәм қадақлаў жойбарлары ушын 2 жылға шекемги жеңиллетилген дәўир менен 7 жылға шекемги мүддетке Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан 4 процентлик пункт жоқары ставкада (соннан 5 процент банк маржасы) кредитлер ажыратылады;
- халықтың қыйтақ жерлеринде ҳәм ижара жерлеринде ықшам музлатқышлы қоймаханалар, қадақлаў, кептириў ҳәм қайта ислеў үскенелери, таяр ҳалдағы ыссыханалар 24 айлық жеңиллетилген дәўир менен 5 жылда бөлип төлеў шәрти менен лизингке бериледи.