баннер
2 Mar 2025
12:06

    Қыйтақ жер «қара жер» болып қалмаўы керек Жерден нәтийжели пайдаланыў барған сайын әҳмийетли болып бармақта

    Усы жылдың 30-январь күни Президентимиз тәрепинен қыйтақ жерде ҳәм ижараға берилген егислик жерлерде дәраматлы өним жетистириўдиң жаңа системасы бойынша өткерилген мәжилисте бул бағдарда әҳмийетли болған бир қатар мәселелер көрип шығылды.

    Ҳақыйқатында да, бүгин жерден ақылға уғрас ҳәм өнимли пайдаланыў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып бармақта. Усы көзқарастан, елимизде әмелге асырылып атырған реформалар адамлардың жерге болған мүнәсибетин түп-тийкарынан өзгертиўге, оның ҳәр бир қарысынан нәтийжели пайдаланыўға қаратылғаны менен әҳмийетли. Мәжилисте атап өтилген жаңалықлар бул бағдардағы жумысларды буннан былай да жетилистириўге хызмет етеди.

    Бүгинги күнде елимизде 5 миллионнан аслам қыйтақ жер ийеси 508 мың гектар жерде дийқаншылық етпекте. Қыйтақ жеринде ҳәр ким өз имканияты, ықтыярына қарап өним жетистиреди. Талапкерлер арасында мийўе-палыз жетистириўге қызығатуғынлар көп. Айырымлары бул жумыс пенен бурыннан шуғылланып келген. Айырымлары тәжирийбели дийқанлардан жумыстың ҳәдисин алып, кейин бул жумысқа кириспекте. Әҳмийетлиси, ўақтын да, ҳәўлисин де бос қалдырмай, шаңарағының дәраматына үлес қосып келмекте. Бирақ еле бул бағдарда пайдаланылмай атырған имканиятлар бар. Мәселен, қыйтақ жер ҳәм дийқан хожалығы жерлери, оларда жетистирилген өнимниң есабын жүргизиў бойынша да жаңаша система болады. Оның ушын жылдың ақырына шекем қыйтақ жерлер ҳәм егислик жерлер айрықша классификацияланады. Оларда егилген нәрсе "онлайн мәҳәлле" платформасына киргизиледи. Жерден нәтийжели пайдаланып, бир сотихтан 5 миллион сумнан жоқары рәсмий дәрамат алыўшы дийқанларға жер салығының 90 проценти кешбек сыпатында қайтарып бериледи. Керисинше, қыйтақ жерине егин екпегенлерден жер салығы арттырылған муғдарда өндириледи.

    Ҳәзир бул тараўда "санлы базар" болмағаны ушын дийқанлар мийўе-палызға қарыйдар, қайта ислеўшилер ҳәм экспортёрлар болса өним излеп жүрмекте. Соның ушын, оларды өз-ара байланыстыратуғын "маркет плейс" иске қосылады.

    Шаңарақлық қыйтақ жерлерден пайдаланыўдың және бир нәтийжели усылы ыссыханалар қурыў болып табылады. Бул арқалы ҳәм жақсы дәрамат, ҳәм жылына еки-үш мәрте зүрәәт алыў мүмкин. Ҳәттеки шаңарақ ағзаларынан тысқары қосымша бир неше адамды жумыс пенен тәмийинлеў имканияты бар.

    Жаңа жумыс орынларын жаратыў, айырым адамлардағы бийкаршылықты сапластырыў, оларды исбилерменлик тараўына кеңнен бағдарлаў мақсетинде өткен жылы 152,4 мың шаңарақтағы жәми 2 591 гектар майданда ықшам ыссыханалар қурып берилди. Ҳәзирги ўақытта 696,9 мыңнан аслам шаңарақта бундай ыссыханалар бар болып, халық оларда мийнет етип, турмысына қосымша дәрамат киргизбекте.

    Мәселен, Әндижан ўәлаятының Асака районындағы Моҳирбек Тўрақуловтың үйиндеги ықшам ыссыханада цитрус мийўе жетистирип, жылына 150-200 миллион сум дәрамат алмақта.

    Бундай ыссыханаларды қурып, халыққа жеңиллетилген кредитлер тийкарында тапсырыўда "Қыйтақ жер хызмети" ЖШЖ кәрханаларының үлеси үлкен болмақта.

    Аймақларда қыйтақ жер менен ислейтуғын, халыққа материаллық ресурсларды жеткерип беретуғын, қаржыландыратуғын ҳәм егин егиўди қадағалаўшы система жаратылып, "Қыйтақ жер хызмети" ЖШЖларының жумысы жолға қойылғаны адамларға дийқаншылық жумысларын баслаўда үлкен жәрдем бермекте.

    2018-жылы сынаў тәризинде биринши мәрте шөлкемлестирилген "Қыйтақ жер хызмети" кәрханаларына жыл сайын талап артып баратырғанының себеби де усы. Президентимиздиң 2020-жыл 30-июньдеги "Халықтың қыйтақ жерлеринен пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында"ғы қарары менен республикамыз бойлап 3 мыңнан аслам "Қыйтақ жер хызмети" ЖШЖның жумысы жолға қойылды.

    Бундай кәрханалар халыққа жумыс басланған биринши күннен-ақ жәрдемши болып, қыйтақ жерлерге егин егиў, алынған зүрәәтти қарыйдарға жеткериўге шекем жәрдем берип келмекте. Орынларда халықтың қыйтақ жерлерин шүдигарлаў, зәрүр туқым ҳәм нәл жеткерип бериў, шаңарақларға ықшам ыссыхана қурыўда жәрдемлесиў, ешки, қой, қоян, қус, пал ҳәрре уяларын жеткерип бериў сыяқлы хызметлерди "Қыйтақ жер хызмети" кәрханалары арқалы шөлкемлестириў жолға қойылмақта.

    Бундай кәрханалар Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси тәрепинен турақлы қоллап-қуўатланып келинбекте. Атап айтқанда, 2024-жылдың ақырғы 6 айында "Қыйтақ жер хызмети" кәрханаларында 417 мийўе-палызларды суўытыў, 607 мийўе-палызларды сақлаў қоймаханасы, 403 мийўени таңлаў, қадақлаў, кептириў ҳәм қайта ислеў линиясы шөлкемлестирилди. Бул бағдарлар ушын кеңес жанындағы қордан 378,2 миллиард сум жеңиллетилген кредит ажыратылды.

    Тараўдың раўажланыўында кластерлер әҳмийетли драйверге айланбақта. Өткен жылдан "Қыйтақ жер хызмети" кластерлери де шөлкемлестирилиўи басланды. Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытта мийўе-палыз көп жетистирилетуғын районларда 12 бағдар бойынша 68 қыйтақ жер хызмети кластери жумыс ислемекте. Олар қыйтақ жерлерде жетистирилген өнимлерди сақлаў, дүканларға жеткерип бериў, мийўе-палызларды қайта ислеў цехларын ашыўда жәрдемлеспекте.

    Улыўма, "Қыйтақ жер хызмети" ЖШЖлар бүгин бар имканиятлардан пайдаланып, қыйтақ жерлерде жетистирилген ҳәм кластерлер тәрепинен қайта исленген аўыл хожалығы өнимлерин ишки базарларымыздан тысқары сырт елге экспорт етиўде де белсене қатнаспақта.

    Соның ишинде, өткен жылы 30 "Қыйтақ жер хызмети" кәрханасы тәрепинен 15 миллион долларлық 65,7 мың тонна өним Германия, Саудия Арабстаны, Иран, Пакистан, Қытай, Малайзия, Қазақстан, Тәжикстан, Қырғызстан, Аўғанстан, Россия, Украина ҳәм Европаның бир қатар мәмлекетлерине жиберилди.

    Жер алып, егин еккен менен зүрәәт мол болмайды. Жақсы нәтийжеге ерисиў ушын билим, тәжирийбе зәрүр. Аймақларда мәҳәлле кесиминде ислесиў системасы, үйме-үй жүриў арқалы үгит-нәсиятлаў, "Бир мәҳәлле - бир өним" принципи тийкарында жумысларды системалы жолға қойыў халыққа қолайлық жаратпақта. Бул система нәтийжесинде республика бойынша 5 мың 145 мәҳәлле белгили бир түрдеги өним жетистириўге қәнигелестирилди. Усы тәризде палыз жетистириў, картошка жетистириў, мийўе жетистириў, бағшылық, шарўашылық, қусшылық ҳәм басқа да бағдарлар мәҳәллелер көлеминде раўажландырылмақта.

    Шаңарақлардың бир өнимди жетистириўге қәнигелесиўи бир қатар абзаллықларға ийе. Бәринен бурын, "Қыйтақ жер хызмети" ЖШЖлар тәрепинен бир мәҳәллеге бир өним туқымы ямаса нәлин жеткерип берилиўи есабынан шаңарақ ийелериниң ҳәм ўақты, ҳәм қәржысы үнемленеди. Өним пискеннен кейин де қарыйдар табыўда машқалалар болмайды. Бир өнимди үлкен көлемде алатуғын қарыйдарлар бәрқулла табылады.

    Зафар МИРЗААҲМЕДОВ,

    Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм

    қыйтақ жер ийелери кеңесиниң жетекши қәнигеси.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech