"Дизимнен өткериў мәмлекетлик номерлериниң белгилерин ҳәм қатаң есапқа алыў бланкаларын бериўде, автомототранспорт қураллары, олардың тиркемелерин (ярым тиркемелерин) дизимнен өткериўде, қайта дизимнен өткериўде, мәжбүрий техникалық тексериўден өткериўде, сондай-ақ, имтиханларды алыўда өндирилетуғын төлемлер ставкаларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы буйрық Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилди (дизим саны 2303-7, 23.12.2024-ж.)
Оған бола, төлем ставкалары төмендегише муғдарда белгиленди:
Мотоотранспорт қураллары (мотоцикл, электромотоцикл, мопед ҳәм скутерлер) ҳәм тиркемелерге (ярым тиркемелер) БЕМниң 1,5 есеси муғдарында;
Бурын БЕМниң 1,75 есеси еди.
Жарамсыз жағдайға келген, бузылған ямаса зыянланған бир ДӨМНБның орнына жаңа ДӨМНБ бериў ушын БЕМниң 1,5 есеси муғдарында;
Бурын БЕМниң 1,75 есеси еди.
Жойтылған бир дана ДӨМНБ (мототранспорт қураллары (мотоцикл, электромоцикл, мопед ҳәм скутерлер) ҳәм тиркемелер (ярым тиркемелер) ушын) орнына жаңа бир дана ДӨМНБ бериў ушын БЕМниң 1,5 есеси муғдарында өндириледи;
Бурын БЕМниң 1,75 есеси еди.
Электромобиллер (гибрид автомобиллер), мототранспорт қураллары (мотоцикл, электромотоцикл, мопед ҳәм скутерлер) ҳәм тиркемелерди (ярым тиркемелерди) дизимнен өткериў ушын БЕМниң 1,5 есеси муғдарында;
Электромобиллер (гибрид автомобильлер), мототранспорт қураллары (мотоцикл, электромотоцикл, мопед ҳәм скутерлер) ҳәм автотранспорт қуралларының тиркемелеринен (ярым тиркемелеринен) басқа барлық автотранспорт қуралларын дизимнен өткериў ушын БЕМниң 6,84 есеси муғдарында;
Автотранспорт қураллары, электромобиллер (гибрид автомобиллер), мототранспорт қураллары (мотоцикл, электромотоцикл, мопед ҳәм скутерлер) ҳәм тиркемелерди (ярым тиркемелерди) қайта дизимнен өткериў ушын БЕМниң 10 проценти муғдарында.
Сондай-ақ, төмендеги төлемлердиң өндирилиўи бийкар етилди:
жарамсыз жағдайға келген, зыянланған ямаса урланған автомототранспорт қуралы дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалық дубликатын бериў ушын БЕМниң 70 проценти муғдарында төлем;
жойтылған автомототранспорт қуралы дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалықтың дубликатын бериў ушын БЕМниң 1 есеси муғдарында төлем;
жойтылған автомототранспорт қуралын дизимнен өткергенлиги ҳаққындағы ўақтынша гүўалық дубликатын бериў ушын белгиленген төлем ставкасының 5 есеси муғдарында төлем.