"Мәмлекетлик бажы ҳаққында"ғы Нызамға киргизилген қосымшаға бола, ҳәкимшилик-аймақлық бирликлердиң дүзилгени ямаса сапластырылғаны, олардың шегаралары ямаса бойсыныўы өзгертилгени нәтийжесинде исбилерменлик субъектлери ҳәм басқа да юридикалық тәреплердиң жайласыў орны (почта мәнзили) өзгергенде олар қайта мәмлекетлик дизимнен өткергени ушын мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етиледи.
Сондай-ақ, қамсызландырыўшылар мәжбүрий қамсызландырыў шәртнамаларынан келип шығатуғын даўалар бойынша мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилиўин нәзерде тутатуғын қосымшалар киргизилмекте.
Бунда қамсызландырыўшылар (қамсызландырылған шахслар, пайдаланыўшылар, жәбирлениўшилер) мәжбүрий қамсызландырыў шәртнамаларынан келип шығатуғын даўалар бойынша Пуқаралық ислери бойынша судларда ҳәм Экономикалық судларда мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етиледи.
Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.