Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 14-март күни "Өнимлерди экспорт етиў тәртип-қағыйдаларын жетилистириў ҳәм қосымша қунға ийе таяр өнимлер ислеп шығарыўды хошаметлеў илажлары ҳаққында"ғы пәрманында белгиленди.
Пәрманды қабыл етиўден тийкарғы мақсет экспорт тәртип-қағыйдаларын Жәҳән саўда шөлкеми қағыйдаларына муўапықластырыў болып есапланады.
Пәрман менен 2025-жыл 1-июльден баслап төмендеги 86 түрдеги товарларға экспорт бажыхана бажылары енгизилди ҳәм олардың ставкалары тастыйықланды:
Тери шийки заты ҳәм ярым таяр тери өними, жипек шийки заты, пахта ийирилген жип ҳәм трикотаж гезлеме товарларына (Әмелде бул товарларды экспорт етиў ушын ассоциациялардың жыйымлары белгиленген болып, ҳәзирги ўақытта олар бийкар етилген.);
Гөш өнимлери, бийдай, дән, гүриш, минерал төгинлер, тери шийки заты, ПЭТ шығындылары, реңли металл лом ҳәм шығындыларына (Әмелде бул товарларға Өзбекстан Республикасы Президенти ямаса Ҳүкиметтиң қарарлары тийкарында рухсат берилген ҳалда экспорт етиў мүмкин еди. Енди бул талаплар бийкар етилди).
Өзбекстанда қосымша қун жаратыў, қайта ислеў санаатын қоллап-қуўатлаў мақсетинде республикада ислеп шығарылатуғын стратегиялық шийки зат өнимлерине (тәбийий газ, пахта талшығы, пахта линти, минерал төгинлер, полиэтилен, полипропилен, полистерол, полиэтилентерефталат, ПВХ, мыс шийки заты).
Усы пәрман:
экспорт тәртип-қағыйдаларын және де жетилистириў,
жергиликли шийки зат тийкарында қосымша қунға ийе таяр өним ислеп шығарыўды хошаметлеў,
қайта ислеў санаатының инвестициялық тартымлылығын арттырыўға хызмет етеди.