баннер
18 Apr 2025
11:59

    "Мәмлекетлик бажы ҳаққында"ғы Нызамға қосымша ҳәм өзгерислер киргизилди

    21 Fevral 2025 1102

    Нызам менен "Мәмлекетлик бажы ҳаққында"ғы Нызамға қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилди.

    Оған бола, Нызамға тийислисинше ыссылық ҳәм электр энергиясын жеткерип бериў бойынша хызметлер ушын төлемлер бойынша қарыздарлықты өндириў ҳаққындағы даўалар, арзалар ҳәм шағымлар менен пуқаралық ислери бойынша ҳәм экономикалық судларға мүрәжат етилгенде ыссылық ҳәм электр энергиясын жеткерип бериўшилер мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилиўин нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

    Сондай-ақ, олардың талапларын қанаатландырыў толық ямаса бир бөлегин бийкарлаў жағдайында бул мәмлекетлик бажының ыссылық ҳәм электр энергиясын жеткерип бериўшилерден өндирилиўи белгиленбекте.

    Буннан тысқары, сырт ел коммерциялық шөлкемлериниң ўәкилханаларын Өзбекстан аймағында аккредитациялаўда мәмлекетлик бажыны төлеў ҳәр бир жыл ушын әмелге асырылатуғынын анықластырыўшы өзгерис киргизилмекте.

    Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech