Пәрманға бола, 2025-жылы киши ҳәм орта бизнести раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди, соның ишинде:

- киши ҳәм орта бизнестиң жалпы ишки өнимдеги үлесин 55 процентке, санаатта - 34 процентке, экспортта - 34 процентке ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде 75 процентке жеткериў;

- кеминде 600 киши ҳәм орта бизнес субъектлериниң ирилениўине жәрдемлесиў арқалы оларды "чемпион" исбилерменлерге айландырыў;

- 100 ден аслам жумысшысы бар исбилерменлик субъектлериниң санын 4 мыңға жеткериў.

2025-жыл 1-майдан:

- өзин-өзи бәнт еткен шахслар ЖТИ ямаса юридикалық шахс сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилгенде, мәмлекетлик бажы өндирилмейди;

- өз жумысын тийислисинше ЖТИ, микрофирма ямаса киши кәрхана категориясына шекем ирилестирген өзин-өзи бәнт еткен шахслар ҳәм исбилерменлерге Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде 50 миллион сумға шекем, Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў комплексли бағдарламасы шеңберинде - 150 миллион сумға шекем гиреўсиз кредитлер бериледи;

- өз жумысын тийислисинше орта ямаса ири бизнес категориясына шекем ирилестирген исбилерменлерге - 1 жыл даўамында ҚҚС суммасының орнын қаплаў (қайтарыў) 7 күн мүддетте тезлестирилген тәртипте әмелге асырылады.