Хизмет пайдаланыўшылары арасында:

еркеклер - 1 283 506 адам;

ҳаяллар - 924 247 адам;

"Кредит қадаған етиў" хызмети пуқараларға кредит шәртнамаларын дүзиўге ықтыярлы түрде қадаған етиў орнатыў арқалы кредитлерди алдаўшылық жолы менен рәсмийлестириўден өзин қорғаў имканиятын береди.

Бул илаж алдаўшылық қәўип-қәтерлерин азайтыўға ҳәм руқсат етилмеген кредит алыў жағдайларының алдын алыўға хызмет етеди.

Хызметти қалай жалғаў мүмкин?

Онлайн:

"КАТМ" мобил қосымшасы (тек хызметти жеделлестириў)

portal.infokredit.uz порталында жеке кабинет

my.gov.uz - бирден-бир мәмлекетлик хызметлер порталы (активлеў ҳәм өшириў имканияты);

Офлайн:

Пүткил мәмлекет бойлап Мәмлекетлик хызметлер орайлары

"КАТМ" кредит бюросына жеке мүрәжат

Call-орай: +998 71 203 47 47

Хызмет бийпул көрсетиледи.