Айырым исбилерменлерге салық жеңилликлери бериледи

    17 мамыр 2025 1063

    Нызам менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

    Нызам ҳүжжетлерине киргизилген қосымшаларға бола, пиво ҳәм пиво ишимликлери, сондай-ақ, темеки өнимлери менен усақлап сатыў саўдасы ҳуқықы ушын жыйымлар жыйым түрлерине киргизилди.

    Бунда пиво ҳәм пиво ишимликлери, сондай-ақ, темеки өнимлери менен усақлап сатыў саўдасын баслағаны ҳаққында ўәкилликли мәмлекетлик уйымды хабардар етилгенлиги ҳаққында тастыйықламаға ийе болған юридикалық тәреп ҳәм жеке меншик исбилерменлер усы жыйымлардың салық төлеўшилери деп тән алынады.

    Сондай-ақ, 2030-жыл 1-январьға шекем қусшылық өнимлерин ислеп шығарыўшы исбилерменлер юридикалық шахслардан алынатуғын жер салығын төлеўден азат етилетуғыны белгиленди.

    Буннан тысқары, 2027-жыл 1-январьға шекем Кәсиплик аўқамлары Федерациясы системасындағы стационар балалар саламатландырыў дем алыў орайлары төмендеги салықларды төлеўден азат етиледи:

    имарат ҳәм қурылмаларды, жер участкаларын ижараға бериўден алынатуғын дәраматлары бойынша - пайда салығын;

    ижараға берилген объектлер ҳәм олар ийелеп турған жер участкалары бойынша - мүлк салығы ҳәм жер салығын.

    Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates