Оған бола, Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги жанындағы Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан "Меҳрибанлық" үйлери, Балалар қалашалары ямаса шаңарақлық балалар үйинде тәрбияланған жаслар, сондай-ақ, "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри"не киргизилген шаңарақлардың "Жаслар дәптери"ндеги перзентлерине олардың мобилизация шақырыў резервиндеги хызметти өтеў төлемин толық муғдарда қаплаў ушын субсидия ажыратылады.
Арза бериўшилерге субсидия ажыратыў тәртиби
Арза бериўшилерге субсидия ажыратыў, арза бериўшилердиң турақлы жасаў мәнзили ямаса олар тәрбияланған "Меҳрибанлық" үйи, Балалар қалашасы ямаса шаңарақлық балалар үйи жайласқан жердеги мәҳәллениң жаслар жетекшиси арқалы "Жаслар дәптери"не киргизиў ҳәм оқыў қәрежетин компенсациялаў ҳаққында "мәҳәлле жетилиги" (мәҳәлле баслығы, ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, профилактика инспекторы, социаллық хызметкер ҳәм салық инспекторы жәмийетшилик тийкарында жумыс алып баратуғын) атына жазба түрде ямаса "Жаслар дәптери" электрон платформасы арқалы онлайн мүрәжатқа тийкарланып ажыратылады. Онда, арзада арза бериўши физикалық шахстың жеке идентификация номери көрсетилиўи керек.
Арзаға төмендеги ҳүжжетлер қосымша етиледи:
- арза бериўшиниң "Меҳрибанлық" үйи ямаса Балалар қалашасы ямаса шаңарақлық балалар үйинде тәрбияланғаны ҳаққында мағлыўматнама;
- районлық (қалалық) қорғаныў ислери бөлими ҳәм арза бериўши арасында дүзилген "Мобилизациялық шақырыў резерви қаржылары" арнаўлы есап бетине төлем өткериў тәртиби ҳаққындағы үш тәреплеме шәртнама (қорғаныў бөлими ҳәм пуқара тәрепинен қол қойылған ҳалда).
Арза бериўшиден усы бәнтте нәзерде тутылмаған ҳүжжетлерди усыныўды талап етиў қадаған етиледи.
"Мәҳәлле жетилиги" "Меҳрибанлық" үйлери, Балалар қалашалары ҳәм шаңарақлық балалар үйлеринде тәрбияланған жаслардың усы мәкемелерде тәрбияланғанын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди, "Жаслар дәптери"не киргизилген арза бериўшилердиң шаңарағы "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри"не киргизилгенин үйренип, арза бериўшилерге "Жаслар дәптери" қорының қаржылары есабынан нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте субсидия ажыратыў ҳаққында қарар шығарады.
Усы қарарға тийкарланып "Жаслар дәптери"не киргизилген жасларды қоллап-қуўатлаў қорының Қәўендерлик кеңеси "Жаслар дәптери" қорының қаржылары есабынан нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте арза бериўшиге субсидия ажыратады.