Сенатта Қураллы Күшлер дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен семинар өткерилди

    14 қаңтар 2025 313

    2025-жыл 13-январьда Олий Мажлис Сенатының Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети тәрепинен 14-январь - Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Өзбекстан Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы мүнәсибети менен Сенатта семинар өткерилди.

    Семинарда жаңаланған Конституцияның 64-статьясында да Өзбекстан Республикасын қорғаў Өзбекстан Республикасының ҳәр бир пуқарасының миннети екени айрықша атап өтилди.

    2024-жыл 15-ноябрьде Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Оқыўшы-жасларды шақырыўға шекемги басланғыш таярлаў системасын жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында"ғы қарары қабыл етилгенлиги айрықша атап өтилди.

    Усы қарарға муўапық енди шақырыўға шекемги басланғыш таярлық муғаллиминиң штаты Қорғаныў министрлигине өтти. Енди бул ўазыйпаға Қураллы Күшлер резервиндеги әскерий хызметкерлер жумысқа қабыл етиледи.

    Бул пән бойынша жаңа оқыў бағдарламасы ҳәм сабақлықлар жаратылмақта. Ҳәр бир район ҳәм қалада биреўден мектеп тийкарында "Жасорат мактаби" жумысы жолға қойылмақта.

    Жоқары оқыў орынларында болса усы бағдарлар бойынша педагогларды таярлаўдың жаңа системасы жаратылып, маманлық талаплары ҳәм билимлендириўдиң сапасын арттырыў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленбекте.

    Семинарда азатлық, тынышлық ҳәм татыўлық жолында өз жанын пидә еткен ата-бабаларымыздың естелигин, олардың мәртлигин, Екинши жер жүзилик урыс жылларындағы тарийхымызды үйрениўде шын мәнисинде жаңа дәўир басланғанына тоқтап өтилди.

    Бизге белгили, 2020-жылға шекем урыс басланған ўақытта елимиз халқы 6 миллион 551 мың адамды қураған ҳәм олардың 1 миллион 500 мыңға шамаласы урыста қатнасқан деп есапланатуғын еди. Жәҳән архивлерин үйрениў нәтийжесинде Өзбекстаннан 1 миллион 951 мыңға шамалас адам урысқа тартылғаны анықланған.

    Сондай-ақ, семинарда алып барылған илимий излениўлер нәтийжесинде орден ҳәм медаллар менен сыйлықланған Өзбекстан ўәкиллериниң саны бойынша да анықлық киргизилгени, алдын бул көрсеткиш 120 мың деп атап өтилгенлиги ҳаққында мағлыўмат берип өтилди. Жаңа мағлыўматларға тийкарланып Екинши жер жүзилик урыста 200 мыңнан аслам әскер ҳәм офицерлеримиз жаўынгерлик мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланған. Бурын 280 деп есапланған өзбекстанлы Совет Аўқамы Қаҳарманларының саны 301 екенлиги, 70 ўатанласымыз үш дәрежедеги "Слава" орденине ийе болғаны атап өтилди.

    Семинар даўамында ҳәр жылы Президентимиздиң басламасы менен мәртлик ҳәм пидайылық көрсеткени ушын әскерлеримиз мәмлекетлик сыйлықлар, атап айтқанда, "Шон-шараф", "Мардлик" орденлери және "Жасорат" ҳәм "Содиқ хизматлари учун" медаллары менен сыйлықланып киятырғаны атап өтилди.

    2024-жылы 2023-жылға салыстырғанда жаўынгерлик таярлық илажлары 1,5 есеге көбейип, сәркардалық қурамының кәсиплик таярлығын арттырыўға ерисилмекте.

    Соның менен бирге, әскерлерде оператив таярлық илажлары АҚШ, Ҳиндстан, Қазақстан, Тәжикстан, Қырғызстан армиялары менен биргеликте өткерилди. Бөлимшелер тәрепинен заманагөй саўашларда жаңадан қолланылып атырған ушыўшысыз ушыў аппаратларынан пайдаланыў шеберликлери арттырылмақта.

    Семинар даўамында системада кадрлар потенциалын арттырыў бағдарындағы жумыслар жедел даўам еттирилип, 2024-жылы ҳаўа ҳүжиминен қорғаныў әскерлери радиолокация станциясы қәнигелерин оқытыў ҳәм қайта таярлаў орайы шөлкемлестирилип, оқыў орайларының саны 20 ға жеткерилгени, жаўынгерлик қәнигелик бойынша жәми 10 мыңнан аслам әскерий хызметкерлер орайларда оқытылғаны атап өтилди

    Бундай процесслерде тек ғана Өзбекстан Қураллы Күшлери емес, ал Әзербайжан, Қазақстан ҳәм Түркменстанның әскерлери де қатнасып атырғаны семинар қатнасыўшыларының итибарын тартты.

    Ҳақыйқатында да бүгинги күнде әскерий хызметкерлеримиздиң профессионал шеберлиги ҳәм абырайы дүнья көлеминде де жоқарылап бармақта. Буны елимиз Қураллы Күшлери ўәкиллериниң соңғы еки жылда абырайлы халықаралық әскерий жарысларда белсене қатнасып, мақтанышлы орынларды ийелеп киятырғаны мысалында айқын көриў мүмкин.

    Әлбетте, бул ҳәм басқа да нәтийжелер дүньяның «Глобал Файрпаувер Индекс-2023» журналында да сәўлеленип, миллий армиямыз Орайлық Азия мәмлекетлери арасында биринши, жәҳән армиялары арасында болса 54-орынды ийелегени атап өтилди.

    Семинар даўамында Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында алып барылып атырған барлық реформалардың тийкарында "инсанды қәдирлеў" деген уллы мақсет жәмленгени атап өтилди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.

    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates