Ҳәзирги ўақытта улыўма билим бериў мектеплеринде жумыс алып барып атырған, тийисли тил сертификатына ийе болмаған шет тили муғаллимлериниң келешектеги мийнет жолы мәселеси жәмийетшиликтиң итибарында тур.
Бизге белгили, Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 19-майдағы қарарына муўапық, улыўма орта билим бериў мәкемелеринде шет тили пәнинен сабақ берип атырған педагоглар кеминде В2 дәрежедеги миллий ямаса оған теңлестирилген халықаралық сертификатқа ийе болыўы керек.
Дәслеп 2024-2025-оқыў жылына шекем әмел етиўи белгиленген бул талап педагоглар ҳәм жәмийетшилик мүрәжатлары тийкарында бир неше мәрте создырылған.
Соның менен бирге, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң тийисли буйрығы менен шет тили пәни муғаллимлери лаўазымлық қәнигелик сыпатламаларына В2 дәрежедеги миллий ямаса оған теңлестирилген халықаралық сертификатқа ийе болыў тийкарғы талап сыпатында киргизилди.
Мағлыўмат орнында айтыў керек, министрлик тәрепинен педагогларды сертификат имтиханларына таярлаў мақсетинде аймақларда тәжирийбели қәнигелердиң қатнасыўында бийпул онлайн ҳәм офлайн оқыў сабақлары шөлкемлестирилди.
Нәтийжеде, 2025-жыл сентябрь-декабрь айларында 5 мыңнан аслам оқытыўшы тийисли тил сертификатын қолға киргизди. Ҳәзирги ўақытта республика бойынша 39 мыңнан аслам шет тили муғаллимлери сертификатқа ийе болып, бул олардың билимлендириў сапасы ҳәм материаллық хошаметлениўине унамлы тәсир көрсетпекте.
Министрликтиң мәлим етиўинше, бундай оқыў сабақлары келешекте де даўам еттириледи ҳәм В2 дәрежедеги сертификатқа ийе болмаған педагогларға 2026-2027-оқыў жылы басланғанға шекем имканият бериледи.
Бул илажлар оқыўшылардың сапалы ҳәм терең билим алыўын тәмийинлеў, олардың келешекте заманагөй кәсиплерди ийелеўинде айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилмекте.
Педагоглардан бул жаңалық ҳәм талапларға жуўапкершилик пенен қатнас жасаў, кәсиплик ўазыйпаларын шын кеўилден орынлаў соралмақта.