Ушырасыўда еки халық арасындағы терең тамырланған дослық ҳәм барған сайын беккемленип атырған бирге ислесиў өз көринисин тапқаны, саўда, инвестиция, өз-ара байланыслылық ҳәм регионаллық раўажланыў тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиў имканиятлары үйренип шығылды.
"Пакистан Бас министри Уллы Мәртебели Шаҳбоз Шарифтиң Өзбекстанға рәсмий сапары еки тәреплеме қатнасықларда жаңа бет ашатуғынын атап өттик. Улыўма абаданлық жолында биргеликте ислесиўге садықлығымызды тастыйықладық. Оның еки тәреплеме байланысларымызды беккемлеў бағдарындағы идеялары ҳәм пидайылығын жоқары қәдирлеймиз", - деп жазады СИМ басшысы өзиниң Телеграм каналында.